«Жаңа Өзбекстан» университетиниң жумысы жетилистириледи»

239

Өзбекстан Республикасы Президенти «Жаңа Өзбекстан» университетиниң жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, төмендеги тийкарғы мақсетлер белгиленди:

а) ең талантлы жаслар ҳәм жоқары потенциаллы профессор-оқытыўшылардың илимий мектеплерин қәлиплестириў;

б) илимий ҳәм инновациялық көзқарас тийкарында санаатта экспорт ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыў, өзине түсер баҳаны азайтыўға қаратылған илимий жойбарларды әмелге асырыў;

в) дүнья көлеминдеги илимий лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;

  г) халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы тәжирийбе тийкарында медицина тараўында билимлендириў, әмелият ҳәм илимий-изертлеў жумысының сәйкеслигин тәмийинлеў, тараў ушын бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў.

Президент қарарына муўапық, “Жаңа Өзбекстан” университетиниң заманагөй илимий лаборатория базасы қәлиплестириледи, алдынғы технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди ҳәм инженерлик-техникалық, жасалма интеллект, нанотехнологиялар, “жасыл” экономика ҳәм медицина тараўларын раўажландырыўға қаратылған илимий изертлеўлер кеңейтилип, ҳәм олардың трансфери бойынша нәтийжели система қәлиплестириледи.

Ресурсларды бирлестириў арқалы алдынғы тәжирийбе тийкарында Университетте мәмлекеттиң экономикасы ҳәм социаллық турмысындағы тийкарғы тараўларда жоқары билимге ийе кадрлар таярлаў ҳәм жоқары нәтийжелиликке тийкарланған илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў системасы жолға қойылады.

Апробация процесинен өтип, енгизилген заманагөй билимлендириў технологиялары ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемин басқарыў системаларын республиканың басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлерине басқышпа-басқыш енгизиў мақсетинде Университет жанында юридикалық тәреп есапланған алдыңғы билим ҳәм тәжирийбелер трансфери орайы шөлкемлестириледи.

Университетке төмендеги ҳуқықлар бериледи:

илимий атақлар ҳәм илимий дәрежелер бериўши илимий кеңеслер дүзиў, олардың қурамын тастыйықлаў;

тийисли қәнигеликлер бойынша илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериў, сондай-ақ, докторант ҳәм еркин излениўшилерге илимий басшылық етиў тәртибин тастыйықлаў;

2025-2026-оқыў жылынан баслап Университеттиң магистратура қәнигеликлери студентлерине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-июньдағы 300-санлы қарары менен билимлендириўдиң бакалавриат басқышына енгизилген мәмлекетлик грантты ажыратыў тәртиби енгизиледи;

2027-жыл 1-декабрьге шекем Университет ушын алып келинетуғын ҳәм альтернативлери Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын қурылма, программалық ҳәм техникалық қураллар, комплектлеўши бөлеклер бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы, акциз салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.

Қарарға бола, сырт ел қәнигелерин кеңнен тартқан ҳалда Европа стандартлари тийкарында Университетте Германия Федеративлик Республикасының жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте медицина факультети шөлкемлестириледи.

                                                                                                                                  ӨзА