Матуридийлик тәлийматы жақсылыққа, ағартыўшылыққа баслайды

Самарқанд қаласында 29–30-апрель күнлери «Матуридийлик – кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Уллы илимпаз Имам Матуридий туўылған күниниң 1155-жыллығына бағышланған конференцияда Египет, Түркия, Малайзия, Уллы Британия, Индонезия, БАӘ, Саудия Арабстаны, Кувейт, Қатар, Пакистан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы 26 мәмлекеттен 70 тен аслам муфтийлер, абырайлы исламтаныўшы илимпазлар, матуридийтаныўшы изертлеўшилер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний-ағартыўшылық тараўы ўәкиллери қатнасты.
Халықаралық әнжуманның ашылыў мәресими Қуран оқылыў менен басланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық конференция қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Р.Давлетов оқып еситтирди.
Қутлықлаўда атап өтилгениндей, «Калом илиминиң султаны», «Мусылманлар исенимин дүзетиўши» деген жоқары тән алыўларға ерискен Имам Матуридий орта әсирлерде – идеялогиялық гүреслер ҳәўиж алған оғада қурамалы дәўирде ислам дининиң адамгершилик мәнисин кеңнен ашып беретуғын бийбаҳа илимий-ағартыўшылық шығармалар дөреткени, ҳәр қыйлы зыянлы ағымлар ҳәм жаўызлыққа қарсы мәртлерше гүрес алып барғаны, әлбетте, ҳақыйқый руўхый мәртликтиң үлгиси болып табылады.
Уллы ўатанласымыз тийкар салған матуридийлик мектеби ҳәм тәлийматы болса исеним бағдарында әсирлер даўамында кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тымсалы болып киятырғаны мақтаўға ылайық.
Әнжуманның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитетиниң баслығы Содиқ Тошбоев, Өзбекстан мусылманлары уйымының баслығы, муфтий Шейх Нуриддин Холиқназар, Египет Араб Республикасы Вақф ислери министри Шейх Усома Азҳарий, Мусылман данышпанлары кеңесиниң бас хаткери Муҳаммед Абдусаллом, Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша ислам шөлкеми (ICESCO) бас директорының орынбасары Абдулилоҳ Бенараф ҳәм басқалар Имам Матуридийдиң илимий мийрасы, матуридийлик тәлийматының мәниси, ҳәзирги күндеги әҳмийети бойынша өз пикирлерин билдирди. Илимпаздың аҳли сунна вал жамоа исенимине тийкарланған тәлийматы бузғыншы идеяларға илимий тийкарланған бийкарлаўларды бериўде оғада әҳмийетли болып есапланып, мусылманлар арасында бирлик ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Египет Араб Республикасы авқф ислери министри Шейх Усома Азҳарий Имам Матуридий мың жыллар алдын муқаддес ислам дини ҳәм оның каломи болғаны Қураны кәримди надурыс үгит-нәсиятлаўшы ағымларға қарсы турып, динимиздиң тийкарғы мәнисин ашып бергени, соның менен бирге, көплеген шәкиртлер таярлағанын атап өтти. Илимпаздың идеялары ҳәм көзқараслары ҳәзирги күнде де әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен жәмийетте диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў, уллы илимпаз ҳәм ойшылларымыздың бай илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў бойынша пуқта ойланған үзликсиз реформалар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.
-Елимизде ислам ағартыўшылығын таратыў, өтмиштеги ата-бабалардың бай руўхый мийрасын және де терең үйрениў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў – алып барылып атырған диний-ағартыўшылық тараўдағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан болып есапланады,-дедйи Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының директоры Жамолиддин Каримов. – Бул ҳаққында айтқанда соңғы жыллары мәмлекетимизде Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайларының шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, 2020-жылы Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилип, «исенимди дүзетиўши», «инсанларды дурыс жолға баслаўшы» деген сыпатламалар берилген уллы бабамыздың илимий-ағартыўшылық жумысы терең изертленди. Өзбекстанда матуридийтаныўшылық илимий мектеби қәлиплести. Мәмлекетимиз басшысының жақында қабыл етилген қарарына бола, Имам Матуридий туўылғанының 1155 жыллығы кеңнен белгиленетуғын усы жылы орайымыздың абырайы ҳәм мәртебеси арттырылып, Министрлер Кабинети жанында қайта шөлкемлестирилгени бул бағдардағы жумыслар ендигиден былай және де кең көлемде даўам ететуғынынан дәрек береди.
Әнжуман жалпы мәжилисинде қатнасыўшылар тәрепинен Имам Матуридийдиң илимий мийрасы, матуридийлик тәлийматының мәниси, ҳәзирги күндеги әҳмийети сыяқлы айрықша мәселелер додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Буннан соң илимпаздың илимий мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде конференция жумысы секторларда даўам етти.
Атап айтқанда, биринши сектор Имам Матуридий ҳәм оның избасарлары илимий мийрасының ислам илимлериниң раўажланыўындағы орнына бағышланып, онда Имам Матуридий, матуридий илимпазларының өмир жолы, Мәўераннаҳр калом илими мектебиниң раўажланыў тарийхы ҳаққында илимий сөйлесиўлер болып өтти.
Екинши секторда матуридийлик тәлийматында улыўма инсаныйлық қәдириятлардың талықланыўы додаланып, бул тәлийматта алға қойылған идеялар, соның ишинде, кеңпейиллик, турақлылық, тилеклеслик ҳәм ағартыўшылық идеяларының қәлиплесиўи көрип шығылды.
«XXI әсирде матуридийлик тәлийматының әҳмийети» деп аталған үшинши секторда Имам Матуридий илимий мийрасында сәўлеленген темалардың ҳәзирги күндеги әҳмийетли машқалаларды шешиўде айрықша платформа ўазыйпасын атқарып атырғанын илимпазлар өз таллаўларында билдирип өтти.
– Ислам дининиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан илимпаз Имам Мотуридий туўылып өскен үлкеде өткерилип атырған абырайлы әнжуманда қатнасып атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди Қырғыз Республикасы бас муфтийси Шейх Абдулазиз Зокиров. – Бул тек ғана Өзбекстан ямаса Орайлық Азия халықлары ушын емес, ал пүткил мусылман әлеми ушын оғада әҳмийетли илаж болып есапланады. Себеби инсан ушын суў ҳәм ҳаўа қаншелли әҳмийетли боса, бүгин мусылман әлемине матуридийлик соншелли зәрүр. Сыр емес, бүгин дүньяның ҳәр қыйлы регионларында ислам динин надурыс үгит-нәсиятлап атырған радикаллар, ҳәр қыйлы ағымлар көбейип кеткен. Оларға қарсы турыў, ақида илиминиң мәнисин түсиндириў ушын да бул тәлийматты тереңирек үйрениўимиз, үгит-нәсиятлаўымыз керек. Матуридийлик арқалы диний көзқарастан тартыслы ҳәр қандай мәселеге шешим табыў мүмкин.
Әнжуман соңында Имам Матуридийдиң илимий мийрасы ҳәм матуридийлик тәлийматын үйрениўди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша абырайлы илимпазлардың пикир-усыныслары тийкарында жуўмақлаўшы декларация қабыл етилди.
Жуўмақлаўшы декларацияда ҳәзирги күндеги әҳмийетли мәселелерге шешим табыў, атап айтқанда, адасқан ағымларға илимий бийкарлаўлар бериўде матуридийлик тәлийматының орны ҳәм әҳмийети, турақлылығы қатнасыўшылар тәрепинен айрықша атап өтилди.
Әнжуман даўамында мәмлекетимиздеги илимий-ағартыўшылық орайлар тәрепинен таярланған китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди. Имам Матуридий қәлемине тийисли «Таъвилот ал-Қуръон», «Кито бат-тавҳид» шығармаларының өзбек тилиндеги илимий-түсиндирмели академия аўдармалары сырт ел илимпазлары ҳәм қәнигелери тәрепинен жоқары баҳаланды.
Конференция қатнасыўшылары Самарқанд қаласындағы дыққатқа ылайық орынлар, атап айтқанда, Имам Матуридий естелик комплексин зыяратлады.
Ғолиб ҲАСАНОВ, Алишер ИСРОИЛОВ (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары