Мәнзилли илажлар өз нәтийжесин бермекте

256

Хабарыңыз бар, “Адолат” СДП өзиниң Сайлаўалды бағдарламасында халықтың саламатлығын беккемлеў, әсиресе, онкологияға байланыслы аўыр кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў мәселесин тийкарғы бағдар сыпатында белгилеген.

Партияның 2025-жылға мөлшерленген жумыс режеси тийкарында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте әмелге асырылып атырған анық ҳәм мәнзилли илажлар ҳәзирги ўақытта өз нәтийжесин бермекте.

Бул нәрсе “Адолат” СДП Сиясий Кеңесиниң баслығы Робахон Маҳмудованың қатнасыўында Төрткүл районындағы “Янгиобод” мәҳәллеси ҳаял-қызлары ушын шөлкемлестирилген “Биз рак кеселлигине қарсы гүресемиз!” атамасындағы саламатландырыў акциясында және бир мәрте өз көринисин тапты.

Халық ўәкиллериниң «Саўалландырыў айлығы» шеңберинде өткерилип атырған медициналық тексериўлерде белсене қатнасыўы, медицина хызметкерлери менен пикирлесиўин жақыннан бақлаған партия жетекшиси тараўда жаратылған шараятлар менен танысып, профилактикалық медициналық хызметлердиң әҳмийети, оларды кеңейтиў зәрүрлиги ҳәм орынларда медицинаның сапасын жақсылаў бағдарындағы пикирлери менен ортақласты. Процессте медициналық тексериўден өтип атырған ҳаяллар менен де сәўбетлести.

Соның менен бирге, “Адолат” СДП медицина мәкемелери менен биргеликте аймақларда өткерип атырған бундай илажлар арқалы ҳаял-қызлардың онкологиялық кеселликлерге шатылыў көрсеткишин азайтыў ушын исенимли ҳәм жақын жердеги медициналық хызметлерден пайдаланыўын кеңейтиў мақсет етилгенин атап өтти.

Мағлыўмат ушын, акция шеңберинде 45 жастан 65 жасқа шекемги 60 қа шамалас жергиликли ҳаял-қызлар онкологиялық кеселликлер бойынша маммография хызмети арқалы мақсетли тексериўден өткерилди.

Бир сөз бенен айтқанда, өткерилген бул акция партия Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген мақсетлерден келип шығып, медицина тараўын буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, Аралбойы регионы халқы ушын онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў және профилактика хызметин шөлкемлестириў мәселесине қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги