Ал-Хорезмий университетиниӊ шөлкемлестириӯ мәселелери таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни Ал-Хорезмий университетин шөлкемлестириӯ бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл август айында Үргенш қаласындағы Ал-Хорезмий қалашасыныӊ қурылысына тийкар салған еди. Ол жерде уллы илимпаз атындағы университет ҳәм қәнигелестирилген мектеп те болады.
Презентацияда усы билимлендириӯ орайларын шөлкемлестириӯ илажлары, тийкарғы бағдарлары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Университетте 3: математика ҳәм информатика факультети, аэрокосмослық технологиялар инженерлиги факультети ҳәм жасалма интеллект факультети болады. Оларда экономика, мәлимлеме технологиялары, санаат, қәӯипсизлик, энергетика ҳәм экология сыяқлы тараӯлар ушын қәнигелер таярланады. Сабақлар өзбек ҳәм инглис тиллеринде, кредит-модуль системасы тийкарында алып барылады.
Оқыӯ процесслери «Жаӊа Өзбекстан» университетиниӊ тәжирийбеси тийкарында, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай Халық Республикасы, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиӊ абырайлы жоқары билимлендириӯ шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Қабыллаӯды 2025-2026-оқыӯ жылынан баслаӯ режелестирилген. Улыӯма студентлер саны 4-6 мыӊ әтирапында болыўы нәзерде тутылған.

Қала аймағында Ташкенттеги Муҳаммад ал-Хорезмий мектебиниӊ филиалы да шөлкемлестириледи. Оған 4-класс питкериӯшилери таӊлап алынады. Билимлендириӯдиӊ жуӯмақлаӯшы 2 жылы инженерликке басланғыш таярлыққа қаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы университет аймағы тек билимлендириӯ емес, ал Хорезмниӊ тарийхый-илимий ҳәм туризм потенциалы менен сәйкес комплекс болыӯы керек екенлигин атап өтти. Усы заманагөй билимлендириӯ мәкемелерин шөлкемлестириӯге байланыслы ҳүжжетке қол қойылды.
ӨзА