Польша әскерий қорғаныўды беккемлемекте

338

Бүгин АҚШ Польшаға 1,33 миллиард долларлық ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў системасы ракеталары сатылыўын мақуллады. Сатып алыў топламы 400 дана АIМ-120D  орта аралыққа мөлшерленген ҳаўа-ҳаўа ракетасынан ибарат. Бул ҳаққында «Euronews» хабар берген.

Буннан тысқары, Варшава жол-жоба системасы топламы, аўысық бөлеклер, жүк тасыў контейнерлерин қабыл етип алады. Сондай-ақ, ракетаны басқарыў ушын зәрүр болған программалық тәмийнатқа кириў ҳуқықына ийе болады.

– Бул келисим Польшаға өтиў дәўиринде жаўынгерлик жағдайды сақлаў ҳәм аўқамласларды да қорғаў ушын ҳаўа қорғаныў системасын жетилистириў имканиятын береди, мәмлекеттиң бүгинги күндеги ҳәм келешектеги қәўиплерге қарсы турыў қәбилетин жақсылайды, – делинеди билдириўде.

Саўда Варшава келеси жылы қорғаныў қәрежетин жалпы ишки өнимниң 5 процентине шекем көтериў мақсетин гөзлеп атырған бир ўақытта әмелге асырылды. Бул АҚШ Президенти Дональд Трамп НАТО ағзаларына қойған тийкарғы талап болып есапланады.

Еслетип өтемиз, Россия 2022-жылы февральда Украинаға қарсы кең көлемли әскерий операция баслағаннан берли Польша келешекте күтилмеген қәўип-қәтерлерге қарсы әскерий потенциалды жақсылаўға умтылмақта.

Мусулмон Зиё, ӨзА