Өзбекстан ҳәм Россия миграция тараўындағы бирге ислесиўин күшейтеди

321

Бас прокурордың орынбасары Ш.Аминов басшылығындағы министрлик ҳәм уйымлар делегациясы усы жылдың 28-29-апрель күнлери Москва қаласында болып өткен мийнет миграциясы ҳәм мигрантлар ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша Өзбекстан-Россия уйымлараралық жумысшы топарының биринши мәжилисинде қатнасты.

Илажда Россия тәрепинен РФ Бас прокурорының орынбасары П.Городов басшылығында Бас прокуратура, Федераль қәўипсизлик хызмети, Сыртқы ислер, Ишки ислер министрликлери ҳәм басқа да уйымлардың ўәкиллери қатнасқан.

Илаж даўамында тәреплер миграция тараўындағы әмелдеги жағдай, машқалалы тәреплери ҳәм оларды шешиў жолларын додалады. Мәжилис қатнасыўшылары еки мәмлекеттиң мәплерин есапқа алған ҳалда миграция тараўында нызамлылықты тәмийинлеўге қаратылған биргеликтеги илажларды ислеп шығыўға келисип алды.

Еки мәмлекет Бас прокуратуралары Өзбекстан пуқараларының Россияға жумыс ислеў мақсетинде келиўи ҳәм Россия пуқараларының Өзбекстанға келиўи процесинде олардың ҳуқықларға әмел етилиўи үстинен қадағалаў ҳәм бақлаўды күшейтиў миннетлемесин алды.

Илаж соңында делегациялардың басшылары мийнет миграциясы ҳәм мигрантлардың ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша Өзбекстан – Россия уйымлараралық жумысшы топарының биринши мәжилисинде қабыл етилген қарарлар сәўлеленген билдириўге қол қойды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги