Бүгин, 30-апрель күни Урумчи қаласында Өзбекстан – Қытай экономикалық форумы болып өтти

325

Оның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Шинжон -Уйғур автоном районы Парткомының хаткери Ма Синжуй басшылығындағы делегациялар қатнасты.

Өзбекстан Бас министри өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз делегациясы қурамында 250 ден аслам ири исбилерменлер, сондай-ақ, Әндижан, Ташкент, Ферғана, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының басшылары менен ўәкиллери де Урумчиға келгенин айтып, қатнасыўшылардың итибарын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесине қаратты.