Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнама ратификацияланды

285

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2024-жыл 23-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

– Нызам менен ратификацияланып атырған бул Шәртнама Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери тәрепинен 2024-жыл 23-август күни Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы Жоқары мәмлекетлераралық кеңесиниң биринши мәжилиси шеңберинде қол қойылған,-деди Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжан Маматкаримов. – Бул Шәртнама еки мәмлекет ғәрезсизлиги, суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўын және де беккемлеўге қаратылған мәмлекетлераралық қатнасқлардың жаңа басқышын шәртанамалық-ҳуқықый жақтан беккемлеўди нәзерде тутады.

Шәртнамада тәреплердиң бир-бирине қарсы қаратылған ҳеш қандай блоклар ямаса аўқамларда қатнаспаў ҳәм тәреплерден бириниң пикири бойынша еки мәмлекеттиң стратегиялық шериклиги ҳәм аўқамласлық қатнасықларына зыян келтиретуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерде қатнасыўдан сақланыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

Нызам менен бул Шәртнаманың ратификацияланыўы еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним, дослық байланыслары ҳәм стратегиялық шерикликти және де беккемлейди.

Шәртнама сиясий бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений гуманитарлық байланысларды раўажландырыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараят жаратады.

Сенаторлар мақуллаған нызам менен еки мәмлекеттиң аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды күшейтиў, логистика, энергетика, санаат, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятларына кең жол ашылады.

Н.Абдураимова, ӨзА