Өзбекстан шараятында ҳаўадан ишимлик суўын алыў мүмкин

283

Бүгинги күнде дүньяда душшы суў дәреклери барған сайын азайып бармақта. Бул машқала Өзбекстанда және де кескинлесип атырғаны ҳеш кимге сыр емес.

Мағлыўматларға қарағанда, кейинги 20 жыл ишинде Өзбекстан дерлик суўсыз қалыўы мүмкин екенлиги айтылады. Бул аўыр экологиялық мәселе бар суў резервлерин қәстерлеп-сақлаў, тараўға инновациялық технологияларды енгизген ҳалда суўдан нәтийжели пайдаланыў илажларын көриўди талап етеди.

Сол себепли елимизде суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша бир қатар ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Экологиялық партиясы жаўын ҳәм қар суўларын топлаған ҳалда пайдаланыў ҳәм басқа да бир қатар идея ҳәм басламалар менен шықты. Суўды ысырап етпеў, оннан үнемли пайдаланыў, жаслардың экология ҳәм суў ресурсларына жуўапкершиликли қатнасын қәлиплестириўге қаратылған илажлар, турмыслық жойбарларды әмелге асырып келмекте.

Бүгин Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңесинде «Aquagenica» сырт ел компаниясының ўәкиллери менен өткерилген ушырасыў да суў мәселесине байланыслы болды.

Бул сырт ел компаниясы атмосфера ҳаўасынан ишимлик суўын алыў бойынша заманагөй үскенелер ислеп шығыўға қәнигелескен. Ушырасыўда атмосфера ҳаўасынан ишимлик суўын алыў бойынша бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, алыс ҳәм шөл аймақларында халықтың ишимлик суўына болған талабын қанаатландырыўда инновациялық технологияларды енгизиў бойынша партия тәрепинен үйрениўлер әмелге асырылмақта. Өзбекстан шараятында көплеген аймақларда атмосфера ҳаўасынан таза ишимлик суўы ямаса техникалық суў алыў технологияларынан пайдаланыў мүмкин.

Сөйлесиўде атмосфера ҳаўасынан ишимлик суўын алыў бойынша заманагөй үскенелер ислеп шығаратуғын бул компания менен келешекте биргеликте ислениўи мүмкин болған жумыслар ҳәр тәреплеме додаланды.

М.Комилова, ӨзА