Ҳиндстан Франциядан қырыўшы самолёт алады

271

Франция Ҳиндстанга 630 миллиард рупий ямаса 7,3 миллиард доллар баҳасында  26 дана “Rafale Marine” қырыўшы самолётын сатыўға разы болды, деп хабар тарқатты Азия мәмлекети әскерий-теңиз күшлери.

Айдың басында ҳүкимет 22  бир орынлық ҳәм 4 еки орынлық «Rafale Marine» жаўынгерлик самолётин сатып алыў, сондай-ақ, тийисли техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оқытыўды тәмийинлеў бойынша келисимге ерискен еди.

Жаңа қурылмалар гөнерген МиГ-29К самолётларын алмастырыў мақсетинде «Vikramaditya» ҳәм «Vikrant» авиатасыўшы кемелерине жайластырылады. Бул ўақыша шара мәмлекет өзиниң қырыўшы самолётын жаратқанға шекем әмел етеди.

Ҳиндстан француз самолётларының биринши топламын бес жыл ишинде, қалғанын 2031-жылға шекем алыўды мөлшерлеген. Мағлыўматқа бола, ҳәзирги ўақытта әскерий-ҳаўа күшлери қарамағында 36 дана қырыўшы самолёт бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги