Өзбекстанда муғаллимлер ушын жаңа республикалық таңлаўлар шөлкемлестириледи

228

Министрлер Кабинетиниң быйыл 28-апрельдеги қарары менен билимлендириў тараўындағы хызметкерлер ушын жаңа таңлаўлар шөлкемлестириў тәртиби тастыйықланды. Оған бола, 2026-жылдан баслап ҳәр еки жылда «Жыл муғаллими» ҳәм «Кәсиплик шеберлик жетекшиси» таңлаўлары өткериледи.

«Жыл муғаллими» таңлаўы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған педагоглар арасында «Кәсиплик шеберлик жетекшиси» таңлаўы болса Педагогикалық шеберлик орайларының директорлары арасында шөлкемлестириледи.

Таңлаў жеңимпазларына QR -кодлы электрон сертификат ҳәм 1400 есе БЕМ (ҳәзирги жағдайда 525 миллион сум) муғдарындағы ақшалай сыйлық тапсырылады.

Бул баслама муғаллимлерди хошаметлеў, кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын жоқарылатыўға қаратылған.

ӨзА