«Матуридийлик- кеңпейиллик, тынышлық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция қатнасыўшыларына

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары, ҳүрметли мийманлар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди илим ҳәм раўажланыўға үлкен үлес қосқан Өзбекстан жеринде, оның ең әййемги қалаларынан бири – гөззал Самарқандта уллы алым Имам Абу Мансур Матуридий туўылғанының 1155 жыллығына бағышланып өткерилип атырған халықаралық конференцияның ашылыўы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Жанажан Ўатанымызға, уллы алым ҳәм ойшыллар жери болған гөззал Самарқанд қаласына хош келдиңиз!
“Калом илиминиң султаны,” “Мусылманлардың исенимин дүзетиўши” деген жоқары мәртебеге ерискен Имам Матуридий орта әсирлерде – идеялық гүреслер ҳәўиж алған оғада қыйын дәўирде ислам дининиң адамгершилик мәнисин кеңнен ашып беретуғын бийбаҳа илимий-ағартыўшылық шығармалар дөреткени, ҳәр қыйлы зыянлы ағымлар ҳәм жаўызлыққа қарсы мәртлерше гүрес алып барғаны, әлбетте, ҳақыйқый руўхый мәртлик үлгиси болып есапланады.
Уллы ўатанласымыз тийкар салған матуридийлик мектеби ҳәм тәлийматы болса исеним бағдарында әсирлер даўамында кеңпейиллик, тынышлық ҳәм ағартыўшылық тымсалы болып киятырғаны мақтаўға ылайық.
Бул мәңгилик тәлиймат муқаддес динимиздиң жақсы идеяларын қәлбекилестириў, олардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўға қаратылған бузғыншы ҳәрекетлер жаңа усылларда даўам етип атырған бүгинги күнде үлкен әҳмийетке ийе болып баратырғаны, сиз ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары, әлбетте, жақсы түсинесиз ҳәм биз буны жоқары қәдирлеймиз.
Ҳүрметли дослар!
Жаңа Өзбекстанда ислам цивилизациясының раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан алымлардың ибратлы өмир жолы ҳәм бай илимий мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Елимизде Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий сыяқлы уллы алымларымыздың атлары менен аталатуғын халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы жумыс алып бармақта.
Өткен қысқа ўақыт даўамында бул илимий орайлар тәрепинен Қураны карим ҳәм басқа муқаддес диний дәреклердиң сырт ел фондларында сақланып киятырған сийрек ушырасатуғын қолжазбалары табылып, олардың нусқалары елимизге алынып келингени, илим ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы инсанлардың көплеген шығармалары өзбек тилине аўдарылғаны бул тараўда алып барылып атырған жумыслар көлеминен дәрек береди. Соның ишинде, Имам Матуридийдиң “Таъвилот ал-Қуръон” ҳәм “Китоб ат-тавҳид” китаплары биринши рет өзбек тилине аўдарылып, кең жәмийетшиликтиң итибарына усынылғанын атап өтиў керек.
Биз халықаралық илимий-изертлеў мәкемелери, сизлер сыяқлы мусылман дүньясында үлкен абырайға ийе болған илимпазлар менен биргеликте Имам Матуридийдиң көп тәреплемели өмир жолы ҳәм илимий мийрасын, бул тәлийматтың бүгинги күндеги әҳмийетин және де терең үйрениўге айрықша итибар қаратпақтамыз.
Усы мақсетте Имам Матурийдиң 1155 жыллық туўылған сәнесин кеңнен белгилеў ҳаққында қарар қабыл етип, бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар, соның ишинде, уллы ойшыл бабамыздың Самарқандтағы естелик комплексин кеңейтип, және де абат зыярат орнына айландырыў бойынша ўазыйпаларды анық етип белгилеп алдық.
Бизге белгили, 2020-жылы Самарқанд қаласында өткерилген халықаралық конференция қатнасыўшыларының усынысы тийкарында Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанында Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилген еди.
Бүгинги күнде уллы бабамыз қалдырған бай илимий-ағартыўшылық мийрастың әҳмийети дүнья көлеминде барған сайын артып атырғанын есапқа алып ҳәм бул Орайдың абырайын ҳәм мәртебесин және де арттырыў мақсетинде, жақында қол қойылған Пәрманға муўапық, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Министрлер Кабинети жанында қайта шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтпекшимен.
Бул орай Имам Матуридий ҳәзиретлериниң ислам дининиң раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлеси ҳәм матуридийлик тәлийматын терең үйрениўде дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлериндеги илимпаз ҳәм уламаларды бирлестиретуғын халықаралық платформа болып хызмет етеди, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, өз өмирин мине, усындай ийгиликли иске бағышлап киятырған сиз, әзизлерге Имам Матуридий ҳәм Өзбекстан жеринен жетисип шыққан басқа да уллы уламаларымыздың бай илимий-диний мийрасын үйрениў жолындағы машақатлы мийнетиңиз, излениў ҳәм изертлеўлериңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, бәршеңизге беккем денсаўлық, келеси жумысыңызда жаңа жетискенликлер, конференция жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти