Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2025-жылдың 29-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенатттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.
Сенаттың алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши күнинде дәслеп «Банклерди санациялаў ҳәм сапластырыў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде банк системасын реформалаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Оны халықаралық стандартларға сәйкес келиўши банк нызамшылығын жаратыў бойынша алып барылып атырған реформалар мысалында да көриўимиз мүмкин. «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы ҳәм «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызамлардың жаңа редакцияда қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң банк системасын реформалаўдың жаңа басқышы басланыўы ушын беккем тийкар жаратты.
Банклердиң жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў финанслық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Бирақ халықаралық стандартлар тийкарында алып барылатуғын қадағалаў илажларына қарамастан банклердиң финанслық кризиске ушыраў итималы жоқ емес.
Әмелдеги нызамшылықта банклерди санациялаў механизми жоқ болып, төлемге уқыпсыз банклер «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызам тийкарында мәжбүрий сапластырылып келинбекте. Бирақ ири банклер төлемге уқыпсыз болып қалғанда оларды мәжбүрий сапластырыў банк системасы кризисин келтирип шығарыўы мүмкин.
Мәмлекетимизде банклерди санациялаў механизминиң жоқлығы усы тараўда ҳуқықый тийкарлар қәлиплестирилиўин талап етпекте.
Усы нызам менен банклерди санациялаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым, санациялаўдың мақсетлери ҳәм принциплери, санациялаўды баслаў ушын тийкарлар, санациялаўды қаржыландырыў механизмлери, сондай-ақ, банклерди еркин ҳәм мәжбүрий сапластырыў тәртиби белгиленбекте.
Нызамның қабыл етилиўи банкте төлемге уқыпсызлық жағдайы пайда болғанда турақсызлық үстинен оперативлик пенен қадағалаў орнатыў ҳәм төлемге уқыпсыз банктиң банк системасы ҳәм экономикаға унамсыз тәсирин азайтыўға, банктиң оғада әҳмийетли ўазыйпалары ҳәм хызметлериниң үзликсизлигин тәмийинлеўге, аманатшылар ҳәм кредиторлардың мәплерин қорғаўға, қарыйдарлардың банк системасына болған исениминиң артыўына, сондай-ақ, мәмлекетимизде қаржы турақлылығын беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаўдан соң бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң мәжилисте «Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде климат өзгериўиниң алдын алыў, оның унамсыз тәсирлерин азайтыў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.
Бирақ ҳәзирги күнде ыссыхана газлери шығарылыўын тәртипке салыўшы нызам ҳәм нормативлик база жаратылмағанлығы республикада ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыўда экономикалық, технологиялық ҳәм экологиялық бағдарлар бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятларын шеклемекте.
Бул болса, өз гезегинде, тараўды халықаралық ҳүжжетлер талаплары дәрежесине жеткериў, оның шөлемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириўди талап етпекте.
Нызамда ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыў нәтийжесинде пайда болатуғын углерод бирликлери айланысын әмелге асырыўдың тәртибин белгилеў ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўының системалы қадағалаўын тәмийинлеўге итибар қаратылған.
Нызамда ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеўдиң тийкарғы принциплери, оның мониторинги, есабаты ҳәм верификация системасының тийкарлары, тәртиби, қысқартылған ыссыхана газлерине ийелик етиў ҳуқықлары белгиленбекте.
Сенаторлар тәрепинен нызамның қабыл етилиўи Париж келисимине тийкарланып ыссыхана газлери шығарылыўын қысқартыў бойынша алынған миннетлемелер Өзбекстан тәрепинен орынланыўын тәмийинлеўге, мәмлекетимизде климат өзгериўи бойынша алып барылып атырған реформаларды жеделлестириўге, қоршаған орталық ҳәм экологияны жақсылаў ҳәм мәмлекетимиз экономикасын турақлы раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, Өзбекстанның сырт еллер менен климат өзгериўи ҳәм ыссыхана газлерин қысқартыў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў жойбарларын нәтийжели әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратады.
Додалаў соңында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде «Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, нызам мәмлекетимизде қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, айрықша жағдай режимин сақлап турыў, сондай-ақ, мәмлекетлик сырлар менен байланыслы болған мәмлекетлик қорғаныў буйыртпаларына байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.
Нызамда мәмлекеттиң миллий мәплеринен, дүньядағы ҳәм региондағы әскерий-сиясий жағдайдан, әскерий тараўда миллий қәўипсизликке болған қәўип-қәтерлер дәрежесинен, заманагөй әскерий тартыслардың өзгешелигинен келип шыққан ҳалда, мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасын қәлиплестириў, тастыйықлаў ҳәм орынлаў, сондай-ақ, мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы ушын ажыратылған қаржы ресурсларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлеў мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленбекте.
Буннан тысқары, бул ҳүжжетте мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы тараўындағы мәмлекетлик басқарыў тәртипке салынбақта. Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң, Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлигиниң, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның, сондай-ақ, буйыртпашылардың тараўдағы ўәкилликлери анық белгилеп қойылмақта. Онда Министрлер Кабинетиниң мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясат әмелге асырылыўын тәмийинлеўи, мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасын қәлиплестириў, келисиў ҳәм орынлаў тәртибин тастыйықлаўы беккемлеп қойылмақта.
Сондай-ақ, нызамда Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасын қәлиплестириў ҳәм келисиў тәртипке салынбақта. Соның ишинде, гезектеги жыл ушын зәрүр болған әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өнимлер ушын буйыртпашылар тәрепинен таярланған буйыртпалар қаржыландырыў мәселелери бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен келисилгенинен кейин ўәкилликли мәмлекетлик уйымға ҳәр жылы 1-июльге шекем жиберилиўи белгиленбекте.
Бул нызамда Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасын арнаўлы ўәкилликли комиссия тәрепинен көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў тәртиби көрсетилип, Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланған мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы гезектеги жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығыўда инабатқа алыныўы белгиленбекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик қорғаныў буйыртпаларын қәлиплестириў, келисиў, тастыйықлаў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдың бирден-бир ҳуқықый механизми жаратылыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, ҳүжжет қорғаныў ҳәм қәўипсизлик бағдарындағы талапларды нәтийжели таллаў, тәмийинлеўи зәрүр болған өнимлер арасынан үстинликке ийелерин белгилеў ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржыларды тең салмақлы түрде қәлиплестириўге жәрдемлеседи.
Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, халықты қәлбеки өнимлерден қорғаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге айырым түрдеги жыйымларды белгилеў, оларды есаплап шығарыў ҳәм төлеў тәртибин белгилеў, исбилерменлик субъектлерин ҳәм кәсиплик аўқамларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған ўақтыншалық салық жеңилликлерин бериў зәрүрлиги де пайда болмақта.
Сенаттың жалпы мәжилисинде де усындай жеңилликлерди өз ишине алған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Соның ишинде, бул нызам менен Салық кодексине қусшылық тараўын раўажландырыў, балаларды саламатландырыў дем алыс орынларының жумысын және де қоллап-қуўатлаўға ҳәм санлы маркировкалаў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, санлы маркировкалы өнимлердиң усақлап сатыў саўдасын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлерине есапланған ҳәм төлениўи керек болған пайда салығы ямаса айланыстан алынатуғын салық ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының суммаларын исбилерменлик субъектлери ушын маркировканы оқыў қурылмаларын сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер суммасына, бирақ, бир қурылма ушын базалық есаплаў муғдарының төрт есесинен көп болмаған муғдарда азайтыў ҳуқықы 2027-жыл 1-январьға шекемги дәўир ушын бериледи.
Сондай-ақ, нызам менен 2030-жыл 1-январьға шекем қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлерин юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын (егислик майданлардан тысқары) төлеўден азат етиў белгиленбекте.
Соның менен бирге, пиво ҳәм пиво ишимликлери менен усақлап сатыў саўдасы ҳуқықы ушын жыйымды есаплаў ҳәм төлеў тәртиби айқынластырылыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте. Онда пиво ҳәм пиво ишимликлери менен усақлап сатыў саўдасы ўәкилликли уйымларды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыс түрлери дизимине киргизилмекте.
Сенаторлар тәрепинен нызам қусшылық кәрханаларының жумысын және де қоллап-қуўатлаўға, балаларды саламатландырыў ҳәм ақылый раўажландырыў бойынша жумыслар нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм санлы маркировкалаў арқалы халықты қәлбеки өнимлерден қорғаў системасын және де жетилистириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың алтыншы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Сенаторлар тәрепинен бул нызамды қабыллаў зәрүрлигине айрықша әҳмийет қаратылды. Атап айтқанда, бул орынлаў ҳүжжетлерин электрон түрде қәлиплестириў, олар бойынша ақша қаржыларын автоматластырылған түрде бөлистириў ҳәм өндириўшиге мәмлекет қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең аз кепилленген дәрамат муғдарының белгиленбегенлиги, мәмлекетлик орынлаўшыларда орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда мобиль видеобақлаў қуралларынан пайдаланыў ҳуқықының жоқлығы, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын лаўазымлы шахсларға белгиленген ҳәкимшилик жазалардың исленген қылмысқа пропорционал емеслиги менен түсиндириледи.
Додалаў процесинде усындай мәселелерди тәртипке салыўға қаратылған бул нызам сенаторлар тәрепинен унамлы баҳаланды. Нызамда өндириўши физикалық тәрептиң жеке идентификация санын ҳәм өндириўши юридикалық тәрептиң салық төлеўши идентификация санын орынлаў ҳүжжетинде көрсетиў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, бул ҳүжжетте қарыздар физикалық тәреплердиң банклердиң ямаса басқа кредит шөлкемлериндеги есап бетлеринде ҳәм аманатларында турған ямаса сақлаўға қойылған пул қаржыларына өндириў каратылыўы керек болған ақша қаржылары муғдарын анықлаўда мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының ярымы муғдарындағы ақша қаржылары есапқа алынып, оларға өндириў қаратылмаслығы беккемленбекте.
Сондай-ақ, мәмлекетлик орынлаўшының орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық мобиль видеобақлаў қуралларынан пайдаланыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызам менен Пуқаралық процессуаллық ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекслерине ҳәм Ҳәкимшилик суд жумысларын алып барыў ҳаққындағы кодекске суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў менен байланыслы бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1982-статьясында айырым түрдеги суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын нәзерде тутылған жәриймалар муғдарлары арттырылмақта.
Сенаторлар тәрепинен бул нызам пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда инсан факторын азайтыўға, мәжбүрий орынлаў системасын және де жетилистириўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети