Баҳалы металлар ҳәм таслар айланысы тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жарийма муғдары кескин арттырылды

2025-жыл 18-апрельде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине зергерлик санаатын және де раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам күшке кирди.
Зергерлик тараўында 600 ден аслам кәрхана жумыс ислемекте. Бул кәрханаларда 3 мыңға шамалас хызметкер ислейди. 2024-жылы зергерлик тараўында өндирис көлеми 2,5 триллион сумды ямаса 5 тонна алтын ҳәм 3 тонна гүмисти қураған. Экспорт көлеми 95 миллион долларға жеткерилип, алдынғы жылға салыстырғанда 20 процент өсиўге ерисилген.
– Зергерлик тараўындағы баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар, олардан исленген зергерлик бүйымларының нызамсыз айланысы бар екенлиги, исбилерменлик субъектлерине мүлк ҳәм жер салығы жеңилликлериниң жетерли емеслиги ҳәм және бир қатар машқалалар тараўдағы потенциалдан толық пайдаланыў имканиятын бермей атыр, – деди Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик комитети баслығы Қутбиддин Бурҳонов. – Бар машқалаларды сапластырыў ҳәм мәмлекетимиз басшысының «Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын және де раўажландырыў ҳәм олардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине зергерлик санаатын және де раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Салық кодекслерине, «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы ҳәм «Баҳалы металлар ҳәм таслар ҳаққында»ғы нызамларға зергерлик санаатын раўажландырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Зергерлик тараўында 1,5 мыңға шамалас зергерлик жумысы менен шуғылланыўшы рәсмий емес исбилерменлер бар екенин атап өтиў зәрүр. Тек 2024-жылдың өзинде ҳуқық- қорғаў уйымлары тәрепинен тараўда 300 ден аслам нызамбузылыў жағдайлары анықланған ҳәм тийисли илажлар көрилген.
Сонлықтан, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар айланысы тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма муғдары кескин арттырылды.
Баҳалы металлар ҳәм таслардан исленген зергерлик буйымлардың нызамсыз айланысы, сондай-ақ, қәлбеки, негизги дәрежесине муўапық болмаған зергерлик буйымлары сатылыўына жол қойғаны ушын базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен елиў есесине шекемги муғдарында жәрийма жазасы белгиленди.
Салық кодексине киргизилген нормаларға муўапық, «Өнермент» ассоциациясының ағзаларына берилген салық жеңилликлери 2027-жыл 1-сентябрьге шекем «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясының ағзалары болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге де енгизиледи.
2027-жыл 1-сентябрьге шекем «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясына ағза болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлериниң өндиристе пайдаланылатуғын жер участкалары ҳәм көшпели мүлк объектлери мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден азат етиледи.
Усы норманың әҳмийетли тәрепи сонда, «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясының ағзалары болған 28 исбилерменлик субъектиниң 2024-2027-жылларда мүлк ҳәм жер салығына төлеўи зәрүр болған 7 миллиард сумнан аслам ақшалай қаржысы үнемленеди. Нәтийжеде өндирис көлеми көбейип, 2025-2027-жылларда экспорт көлеминиң артыўы ҳәм жумыс орынларының кеңейиўи есабынан дәслепки есап-санақларға бола, бюджетке қосымша 95 миллиард сум түсиўи прогноз етилмекте.
«Баҳалы металлар ҳәм таслар ҳаққында»ғы нызамға аффинаж кәрханалар (қурамында баҳалы металл ҳәм таслар болған шийки зат пенен ислесиў жумысын лицензия тийкарында әмелге асыратуғын кәроханалар)ға баҳалы металларды зергерлик буйымлар ислеп шығарыўшылар ушын қолайлы форма ҳәм муғдарларға келтирген ҳалда сатыў ҳәм баҳалы металлардан сувенир теңгелерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў ҳуқықын белгилеўши норма киргизиледи.
«Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамға юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден баҳалы металларды, соның ишинде, алтын излеўшилер усылында қазып алынатуғын, зергерлик буйымлары ҳәм баҳалы металлар ҳәм таслардан исленген басқа буйымлар, олардың қалдықлары ҳәм өндиристеги шығындыларды сатып алыў жумысын хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыс түрлерине киргизилиўин белгилейтуғын қосымшалар киргизилди.
Нызам тараўда нызамлылықтың тәмийинлениўи, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды шийки зат менен тәмийинлеў жақсыланыўы, өндирис раўажланыўы ҳәм экспорт көлеминиң артыўына хызмет етеди. Өз гезегинде , халықтың сапалы зергерлик өнимлерине болған мүтәжлиги қанаатландырылады, бюджетке түсимлер және де көбейеди.
Норгул Абдураимова, ӨзА