Өзбекстан Президенти халықаралық спорт шөлкемлериниң басшыларын қабыл етти

222

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни Пүткил жер жүзилик жүзиў федерациясының басшысы, Азия Олимпиада кеңесиниң бас директоры Ҳусайн ал-Мусаллам ҳәм Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының биринши вице-президенти Шайх Жавъан бин Ҳамад Ол Сонийди қабыллады.

Спорт тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, олимпиада ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў, елимизде профессионал ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў ушын шараятлар жаратыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў басында Шайх Жавъан бин Ҳамад Ол Соний Өзбекстан жетекшисине Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Бул халықаралық спорт шөлкемлери менен әмелий бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.


Пүткил жер жүзилик жүзиў федерациясы менен шерикликти беккемлеў, қәнигелер таярлаў бойынша бағдарламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстанда суў спорты түрлери ушын заманагөй ҳәм қолайлы инфраструктура жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимизде ири халықаралық жарыслар, Азия Олимпиада кеңеси Ассамблеясының мәжилиси ҳәм Олимпиада комитетлери ассоциациясының ири илажларын өткериў мәселелери де додаланды.

ӨзА