Социаллық қорғаў системасы бойынша усыныслар таныстырылды

Мәмлекетимиз басшысына кәмбағал шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық хызметлерди қамтып алыўдың түрлерин кеңейтиў илажлары бойынша мәлимлеме берилди.
Мәмлекетимизде мүтәж инсанлар айрықша итибарға алынып, мәтериаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланбақта. “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы тийкарында бундай шаңарақларға бәнтлик, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда жәрдем берилмекте.

Соның менен бирге, бул жүдә кең ҳәм үзликсиз процесс болып, турақлы жетилистирилиўди талап етеди. Соның ишинде, кәмбағал шаңарақларды олардың социаллық-экономикалық жағдайына қарап, үш категорияда қоллап-қуўатлаў усыныс етилмекте.
Кем тәмийинленген шаңарақларға 100 ден аслам түрдеги социаллық хызмет, жәрдем ҳәм жеңилликлер бериледи. “Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизиў тәртип-қағыйдалары нызамшылық ҳүжжети дәрежесинде белгиленеди. Оларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режелер тастыйықланып, мәнзилли хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиледи. Бундай инсанлардың бәнтлигин шеклеўши факторлар сапластырылып, белгили бир дәрамат табыўына шараят жаратылады.
Жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери мектептеги узайтылған күн топарлары ушын төлемнен азат етиледи, айрықша баҳаларға оқығанлар дем алыў орайларында бийпул дем алыўы мүмкин болады. Кәмбағал шаңарақтан шыққан айрықша оқыўшы студент-қызларға базалық стипендияның 2 есеси муғдарында арнаўлы стипендия төленеди.
Презентацияда майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Оған бола, майыплығы бар инсанларды жумысқа алған жеңил санаат кәрханаларына салық жеңилликлерин бериў, бундай хызметкерлер ушын социаллық салық ставкасын азайтыў, исбилерменлерге Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры есабынан 500 миллион сумға шекем субсидия ажыратыў сыяқлы хошаметлеўлер нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, электрон саўда майданшасы арқалы майыплығы болған шахсларға тийисли товар ҳәм хызметлерди сатып алыў муғдары арттырылады. Оларды кәсип-өнерге үйретиў ушын техникумларда инклюзив билимлендириў топарлары шөлкемлестириледи.
Басқалардың күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызметлердиң қамтып алыўын ҳәм түрлерин кеңейтиў мақсетинде “Белсенди турмысқа қәдем” бағдарламасы енгизиледи. Бағдарлама шеңберинде олар ушын күндизги қатнаў тийкарында ямаса үйде қараў, турмыслық жумысларда жәрдемлесиў, тоқтап қалған ҳәрекет активлигин тиклеў, кеселликлердиң алдын алыў сыяқлы медициналық-социаллық хызметлер жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, оларды системалы жолға қойыў ҳәм орынланыўын қадағалаў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА