Үш айдағы санааттағы көрсеткишлер қай дәрежеде?

Дәслепки мағлыўматлар бойынша 2025-жылдың январь-март айларында республикамыздағы өндирислик кәрханалар тәрепинен 6301,5 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 103,1 процентти қурады.
Санаат өндирисинде ең үлкен үлес өндирислик санаат кәрханаларына (қайта ислеў санааты) туўра келип, ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 5308,8 миллиард сум, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 84,2 процентин қурады.
Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 874,4 миллиард сумды (улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 13,9 процентин) қурады.
Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2025-жылдың январь-март айларында ислеп шығарылған өнимлер муғдары 89,4 миллиард сумды, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери муғдарының 1,4 процентин қурады.
Ал, суў менен тәмийинлеў, канализация, шығындыларды утилизациялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 28,9 миллиард сумды (жәми ислеп шығарылған өнимлер көлеминиң 0,5 процентин) қурады.
Муҳаббат Курбанова,
Статистика басқармасы Санаат ҳәм
энергетика статистикасы бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги