Мияссар халықаралық фестиваль жеңимпазы

26-28-апрель күнлери Хийўа қаласында өткерилген IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы қарақалпақстанлы мәденият хызметкерлериниң өзин көрсетиўи ушын әҳмийетли майдан болды.
Атап айтқанда, жер жүзиниң дерлик барлық аймақларынан талантлы бақсылар қатнасқан бул фестивальда жас жыраўымыз Дәўренбек Ендирбаев, бақсыларымыздан Куўанышбай Сейтембаев ҳәм Мияссар Жуматовалар өзлериниң өнерлерин көрсетип, қарақалпақ халқының миллий қосық ҳәм дәстанларын дүньяға танытты.

Фестиваль жуўмағында, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлардың жеңимпазы, талантлы бақсы қызымыз Мияссар Жуматова сыйлы 1-орынды ийеледи ҳәм 5000 долларлық ваучер менен сыйлықланды.


Фестивальдың Гран-При сыйлығын болса, Әзербайжанның «Ашықлар» топары жеңип алыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы