Қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар жер салығынан азат етилиўи мүмкин

Сенаттың бүгинги жалпы мәжилисинде қусшылық тараўын раўажландырыўды нәзерде тутыўшы нызам жойбары додаланды.
Атап айтқанда, усы нызам менен 2030-жыл 1-январьға шекем қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлери юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын (егислик майданларынан басқа) төлеўден азат етиў белгиленбекте.
Соның менен бирге, пиво ҳәм пиво ишимликлери менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымды ҳәм темеки өнимлери менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымды есаплаў ҳәм төлеў тәртибин анықластырыўын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте. Онда пиво ҳәм пиво ишимликлери менен усақлап сатыў ўәкилликли уйымларды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыс түрлери дизимине киргизилмекте.
Додалаўдан соң Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
ӨзА