Қытайдың БМШтағы елшиси: АҚШтың бажы сиясаты – мәпгөйлик

АҚШтың жаңа бажы әмелияты менен байланыслы ҳәзирги ҳәрекети оғыры мәпгөйлик белгиси, уллы мәмлекетке тән болмаған жағдай, деди ҚХРдың БМШдағы турақлы ўәкили Чен Сюй «РИА Новости» хабаршысы менен өткерилген сәўбетте.
– Егер АҚШ өз машқаласын шешиў, яғный саўдадағы кемисликтиң орнын толтырыў тилегинде болса, аўыр ҳәм ҳақыйқый позиция ийелеўи керек,-деген лаўазым ийеси. – Басқаша айтқанда, аязлаған адам басқалар емлеўин күтпеўи керек. Бул мақул қатнас емес, ал экономикалық басымның бир көриниси. «Бойсыныўың керек, сөйлесиў ушын алдыма кел, имканият болса, бойсын» тәризинде пикирлеў глобал бизнесте жәрдем бермейди.
Бизге белгили, АҚШ баслаған «тариф ойыны» нәтийжесинде Ақ үй тәрепинен Қытай товарларына қосымша 125 процентлик бажы белгиленди. Қытай да Америка өнимлерине төлемди усы дәрежеге жеткерди. Буннан тысқары жасалма нәшебентлик затларға қарсы жетерли дәрежеде гүреспегенликте айыпланып, Қытайға және 20 процентлик қосымша тариф те енгизилген.
С.Раҳимов, ӨзА