Орайлық Азия ҳәм АҚМБК алдында тарийхый имканиятлар ашылмақта

Ташкентте “Стратегиялық шерикликти беккемлеў: тарийхый байланыслардан кең көлемли бирге ислесиўге қарай” атамасында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси таллаў орайларының биринши форумы өз жумысын баслады.
Оған Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚМБК мәмлекетлеринен 70 тен аслам абырайлы экспертлер, сондай-ақ, АҚМБК Секретариаты, дипломатиялық корпус ҳәм исбилермен топар ўәкиллери қатнаспақта.
Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) директоры Элдор Арипов өткерилип атырған әнжуманның әҳмийетин айрықша атап өтти. “Ташкент форумы регионлар арасындағы илимий-экспертлик сөйлесиўди беккемлеўде бурылыс бағдары болып, бирге ислесиўдиң улыўма күн тәртибин жаңа стратегиялық мазмун менен байытыўға қаратылған идеялар алмасыў ҳәм басламаларды ислеп шығыў ушын нәтийжели майдан жаратады,” – деди Э.Арипов.
Буннан соң ол Орайлық Азия ҳәм АҚМБК арасындағы жедел пәтлер менен раўажланып атырған қатнасықлардың ҳәр тәреплеме талланыўын усынды.

Институт басшысының атап өтиўинше, регионларды тек ғана улыўмалық өтмиш емес, ал келешек режелериндеги уқсаслық та бирлестирип турады. Әсирлер даўамында Орайлық Азиядан Арабстан ярым атаўы жағаларына шекемги болған базарлар, мәдениятлар ҳәм идеяларды байланыстырған Уллы Жипек жолы экономикалық ҳәм цивилизациялық өз-ара байланыслылықтың тийкары болып хызмет еткен. Бул процессте Бағдадтағы “Данышпанлық үйи” айрықша орын ийелеген, онда Орайлық Азия ҳәм араб дүньясы илимпазлары биргеликте жәҳән тарийхы бағдарын өзгертип жиберген илимий шығармалар дөреткен.
“Бүгинги күнде бул тарийхый байланысларды қайта тиклеў арқалы биз энергетика, логистика, илимий-техникалық ҳәм инвестициялық тараўларда бирге ислесиўдиң жаңа көпирлерин қурмақтамыз,” – деп атап өтти Э.Арипов.
Оның айтыўынша, бул жолдағы ең әҳмийетли қәдем 2023-жыл июльде Жиддада өткерилген тарийхтағы ең биринши «Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» саммити болды. Бул илаж регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берди ҳәм турақлы сиясий сөйлесиў ушын институционаллық тийкар жаратты. Оның шеңберинде сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўлары, инвестициялық форумлар өткерилиўи жолға қойылды, 2023-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси қабыл етилди.
СРИИ директоры бул бирге ислесиў әлле қашан әмелий нәтийжелер берип атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, соңғы үш жыл ишинде Өзбекстанның АҚМБК мәмлекетлери менен саўда айланысы үш есеге (257 миллион доллардан 812 миллион долларға шекем) артты, биргеликтеги кәрханалардың саны болса еки есеге көбейип, дерлик 400 ге жетти.
Қолтық мәмлекетлериниң Өзбекстан экономикасына киргизген инвестицияларының улыўма көлеми 3 миллиард доллардан артты. БАӘ – 1,5 млрд; Оман – 250 млн; Кувейт – 220 млн.). Буннан тысқары, улыўма баҳасы 30 миллиард доллардан аслам болған 100 ге шамалас жойбар ислеп шығылмақта. Туристлик алмасыўларда да унамлы өзгерислер жүз бермекте. 2024-жылға келип, Қолтық мәмлекетлеринен республикаға туристлер ағымы 12 мың адамнан асты, бул 2021-жылға салыстырғанда еки есеге көп дегени.
Соның менен бирге, ол атап өткениндей, кейинги жылларда ерисилген үлкен жетискенликлерге қарамастан, бирге ислесиў көлеми елеге шекем регионлар арасындағы өз-ара байланыслардың бар потенциалын толық көрсетпей атыр.
Бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына тоқтап өтип, Э.Арипов жақын жылларда бирге ислесиўди сапа жағынан тереңлестириўге үлес қосатуғын бир қатар әҳмийетли мәселелерге толық тоқтап өтти.
Бириншиден, ол регионлар арасында аўыр келиспеўшиликлердиң жоқ екенлигин ҳәм олардың глобаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўға улыўмалық умтылысын атап өтти. Еки регион мәмлекетлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Бийтәреплик ҳәрекети сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттирмекте.
Екиншиден, инвестициялық төменлеў, протекционизмниң күшейиўи, саўда урыслары ҳәм глобал логистика шынжырларындағы турақсызлық сыяқлы жаңа глобал қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап бериў әҳмийетли, деп есаплайды эксперт. “Тек ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы жоқарыдағы шақырықларға жуўап бериўдиң нәтийжели ҳәм турақлы модельлерин ислеп шығыўымыз мүмкин,” – деп анықлық киргизди ол.
Үшиншиден, еки регион да жедел өзгерислердиң тарийхый әҳмийетли басқышын басынан өткермекте. Соның менен бирге, тек ғана заманагөй экономикалық процесслер емес, ал Қолтық ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыў стратегиялары да жүдә уқсас. “Saudi Vision 2030,” “Qatar National 2030,” “Oman Vision 2040” – бул стратегиялық ҳүжжетлер “Қазақстан – 2050,” “Uzbekistan Vision – 2030,” Қырғызстан ҳәм Тәжикстанның 2030-жылға шекем раўажланыў стратегиясы ҳәм Орайлық Азиядағы басқа да модернизация бағдарламалары менен көп жағынан уқсас болып есапланады.
Төртиншиден, қәнигениң атап өткениндей, ҳәр еки регионда да жедел регионализация процесслери бақланбақта: Қолтық мәмлекетлери бул бағдарда көп жыллық тәжирийбеге ийе болса, Орайлық Азия бирге ислесиў ҳәм бирлестириў тийкарларын қурыўға енди ғана киристи. Қәнигениң пикиринше, бундай шараятта АҚМБК ниң Орайлық Азиядағы регионның турақлы раўажланыўына қаратылған улыўма регионаллық баслама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаўы айрықша әҳмийетке ийе болады.
СРИИ ўәкилиниң пикиринше, сөйлесиўди қоллап-қуўатлаўда таллаў орайлары әҳмийетли роль атқарыўы керек. «Бүгинги ҳәм алдағы бирге ислесиўимиз жоқары дәрежедеги ушырасыўларды мәлимлеме-таллаў жағынан тәмийинлеўге ҳәм регионлар арасындағы сөйлесиўди беккемлеўге жаңа түртки болатуғынына беккем исенемен», – деп жуўмақлады Элдор Арипов.

ӨзА