Түркменстан Президенти мәмлекетимиз Бас министриниң орынбасарын қабыллады

319

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматовты қабыллады, деп хабар берген Түркмен мәлимлеме агентлиги – TDH.

Еки мәмлекет бирге ислесиўиниң перспективасы додаланған ушырасыўда Арқадағ қаласында биринши мәрте өткерилип атырған Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми форумының әҳмийети атап өтилген. Тәреплердиң пикиринше, әнжуман регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Қоңсылас мәмлекет жетекшиси көп әсирлик дослық, жақын қоңсышылық ҳәм улыўма мәдений қәдириятларға тийкарланған өз-ара байланыслар жедел бирге ислесиў ушын беккем тийкар екенин атап өткен.

Сөйлесиў барысында түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбанғули Бердимуҳамедовтың жақында Самарқандқа әмелге асырған сапары да еске алынып, жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Олий Даражали Дўстлик” ордени менен сыйлықланғаны атап өтилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА