Әндижан санаат ярмаркасынан жақсы нәтийжелер күтилмекте
325

Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген ири санаат платформасы – Әндижан санаат ярмаркасында Қарақалпақстан Республикасынан 50 ден аслам исбилермен қатнаспақта.
Исбилерменлер ярмарка даўамында өндиристеги жаңа технологиялар, заманагөй үскенелер, перспективалы инвестициялық жойбарлар менен жақыннан танысыў, өз жумысын кеңейтиў ҳәм бирге ислесиў бойынша қатнасықларды жолға қойыў имканиятына ийе болмақта.
Илаж шеңберинде әҳмийетли келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген болып, бул республикамыздың санаат потенциалын беккемлеўге хызмет етеди.
Мағлыўмат орнында, көргизбе апрель айының ақырына шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги