Қытай Пакистанды суверенитети ҳәм қәўипсизлиги жолында қоллап-қуўатлайды

Қытай Пакистанның ҳәзирги ўақыттағы қәўетерин түсинеди ҳәм Исламабадты суверенитети ҳәм қәўипсизлиги жолындағы мәпин қорғаўда қоллап-қуўатлайды, деди ҚХР сыртқы ислер министри Ван И пакистанлы кәсиплеси Муҳаммед Исҳақ Дар менен телефон арқалы сәўбетте.
– Қытай ҳәзирги жағдайдың раўажланыўын дыққат пенен бақлап бармақта,-деген ол өз уйымының рәсмий сайтында жәрияланған билдириўде. – Терроризмге қарсы гүрес дүньядағы барлық мәмлекетлердиң улыўма жуўапкершилиги болып есапланады. Бул терроризмге қарсы гүрестеги исенимли ҳәрекетинде Пакистанды мудамы қоллап-қуўатлаймыз.
Муҳаммед Исҳақ Дар өз гезегинде мәмлекети дүньяның барлық мәмлекетлери менен байланысын даўам еттиретуғынын атап өтти.

Пакистан тәрепиниң басламасы менен шөлкемлестирилген сәўбет ўақтында мырза Дар кәсиплесине Жамму ҳәм Кашмирдеги террор ҳәрекети себепли пайда болған Ҳиндстан менен тартыс ҳаққында мағлыўмат берди.
– Пакистан бәрқулла террорға қарсы гүресте исенимли қатнасты жақлап, жағдайды кескинлестиретуғын ҳәр қандай ҳәрекетке қарсы шыққан,-деди ол. – Ўақыяларды итибар менен бақлап барыў ҳәм басқарыў нийетинде биз Қытай ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди даўам еттиремиз.
Қытайлы дипломат Пекин Ҳиндстан ҳәм Пакистан жағдайды жумсартыўына үмит етип атырғанын айтты.
– Қытай имканы болғанынша тезирек әдил тергеў өткерилиўи тәрепдары,-деп сөзин даўам еттирген ҚХР сыртқы сиясат уйымының басшысы. – Тартыс ҳеш бир тәрептиң мәпине сәйкес емес, керисинше регионаллық тынышлық ҳәм турақлылыққа қарсы.

Ҳәзирги ўақытта Кашмирдеги шегара сызығында жағдай кескинлигинше қалмақта. Ҳиндстан армиясы тартқатқан баянатта атап өтилиўинше, Жамму ҳәм Кашмир аймағындағы қадағалаў сызығы бойлап Пакистан әскерлери тәрепинен избе-из төртинши күн оқ атыўды тоқтатыў қағыйдасы бузылған.
Ҳақыйқатында да, усы күнлери келиспеўшилик ҳәўиж алған. Паҳалгам қаласы жанында, Байсарон ойпатлығында бир неше қуралланған адам ат минип кетип баратырған туристлерге оқ атқан. Ҳүжим ушын жуўапкершиликти «Лашкар-э-Тайба» террор шөлкемине байланыслы «Қарсылық көрсетиў фронты» топары мойнына алды. Апатшылық ақыбетинде 25 ҳиндстанлы ҳәм бир Непал пуқарасы қайтыс болды.
Оған жуўап ретинде Ҳиндстан Пакистанға қарсы бир қатар илажлар қолланды. Яғный, әскерий атташелер мәмлекеттен шығарып жиберилди. Ҳинд суўы шәртнамасы тоқтатылды ҳәм трансшегаралық байланыс көз қарасынан Аттари қурғақлық транзит мәнзили оперативлик пенен жабылатуғыны мәлим етилди. Сондай-ақ, ҳинд жерине өтиў орны арқалы кирген Пакистан пуқаралары 1-майға шекем мәмлекеттен шығып кетиўи керек екенлиги айтылды. Оларға Қубла Азия регионаллық бирге ислесиў ассоциациясы (СААРК) визасынан ўаз кешиў схемасы бойынша қоңсы мәмлекетке өтиў қадаған етилди. Бул система арқалы киргенлерге шығып кетиў ушын 48 cаат ўақыт берилди. Буннан тысқары Ҳиндстан Пакистан пуқараларына виза бериўди жеделлик пенен тоқтатты. Визалар 27-апрельден бийкар етилди.
С.Раҳимов, ӨзА