Интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў тәртиплери әпиўайыластырылады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының гезектеги мәжилислери болып өтти. Оларда бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды.
Атап айтқанда, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде “Интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў тәртиплерин әпиўайыластырыўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, әмелдеги нызамшылыққа муўапық, интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик экспертиза қарары шығарылғаннан соң талапнама бериўши үш ай ишинде талапнамада көрсетилген объектти дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик бажыны төлеўи зәрүр. Бирақ әмелиятта усы мүддетте мәмлекетлик бажыны себепли ямаса басқа объектив себеплерге бола төлей алмаған ҳәм соның нәтийжесинде қорғаў ҳүжжетин (патент, гүўлық) алыў ҳуқықынан айырылған талапнама бериўшилер бар. Мәселен, 2023-2024-жыллар даўамында 100 ден аслам талапнама бериўши, усындай, тийкарға бола қорғаў ҳүжжетлерин алалмаған.
Оған себеп әмелдеги нызамшылыққа бола, атап өтилген жағдайда талапнама бериўшиге оның талапнамасын дизимнен өткериў бийкар етиледи. Бул болса талапнама бериўши ўәкилликли мәмлекетлик шөлкемге тийисли ҳүжжетлерди қайтадан тапсырыўы, экспертизадан өткерилиўин күтиўи ҳәм мәмлекетлик бажының барлық бөлегин қайта төлеў талап етиледи. Бул болса интеллектуаллық мүлк объектлери, әсиресе, ойлап табылыўлар, санаат үлгилери ҳәм селекция жетискенликлери бойынша талапнама тапсырған шахслар ушын бир қанша унамсыз ақыбетлерге алып келеди.
Бул нызам жойбары менен усы сыяқлы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў мәселелери нәзерде тутылмақта. Сөйлесиўлерде депутатлар партияның бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда өзиниң мүнәсибет ҳәм пикирлерин билдирди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА