Жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыўшыларға 3 жыллық жеңиллетилген ҳәм төмен проценттеги кредитлер бериледи

275

Елимизде бағшылықтың ең әҳмийетли тармақларынан бири жүзимгершилик болып есапланады. Себеби жүзимгершилик өнимли, дәраматлы тараў.

Жүзимниң санаатта қолайлы сортларын көбейтиў, қайта ислеў, тараўға илим жетискенликлерин кеңнен енгизиў, экспорт имканиятын арттырыў бағдарында үзликсиз жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыўшыларға 18 процентлик ставкада 7 жыллық кредит бериледи, соннан 3 жылы жеңиллетилген дәўир болып есапланады.

Атап өтилиўинше, кредит басқышпа-басқыш түрде жер таярлаў (10 процент), нәл ҳәм егиў (40 процент), суўғарыў системасы (30 процент) ҳәм тәрбиялаў (20 процент) ушын ажыратылады. 1 гектарға ең көби менен БЕМниң 500 есесине шекем кредит берилиўи нәзерде тутылған.

Мағлыўматларға бола, жүзим майданлары бойынша Испания, Франция, Қытай, Италия, Түркия жетекши 5 мәмлекет қатарынан орын алған. Өзбекстан 181 мың гектар жүзим майданлары менен 7-орынды ийелеген. Өнимдарлық бойынша болса Ҳиндстан, Қытай, АҚШ, ЖАР, Өзбекстан жетекши болып есапланады.

Жүзимгершиликти раўажландырыў ушын мәмлекетимизде жетерли имканият бар.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА