Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жыл 29-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, министрликлер ҳәм тараў басшылары, депутатлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Отемисов баянат жасады.
Бул Нызам 5 статьядан ибарат болып, Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 5-июльдеги «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының 2019-жыл 27-марттағы «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша комитет баслығы И.Сдиков баянат жасады.
Атап өтилгениндей, комитет тәрепинен бүгинги күнге шекем санаат, қурылыс, транспорт ҳәм энергетика тараўын раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды кеңнен ен жайдырыў, «жасыл энергия»ның үлесин арттырыў бағдарында халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилип, бул жумыслар даўам етпекте. Соның менен бирге, тийисли Президиум қарарлары қабыл етилди. Комитетке ағза депутатлар тәрепинен аймақларда халықты қыйнап киятырған мәселелер бойынша министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўлар жиберилип, машқалаларға унамлы шешим табыў илажлары көрилди.
Күн тәртибиндеги мәселе толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе жасларды илимге кызықтырыў ҳәм илимий жумысқа тартыў бойынша билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов баянат жасады. Бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия мәжилисинде Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарлары тастыйықланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги