Россия ҳәм Украина үш күнлик тынышлық жәриялады

Россия Президенти Владимир Путин 8-май азаннан 11-майға шекем Украина менен урыста ўақытша келисим жәриялады, деп жазады ВВС. Бул мәмлекетте Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңиске байланыслы өткерилетуғын байрам илажлары дәўирине туўра келеди.
Буған жуўап ретинде Украина сыртқы ислер министри Андрей Сибига оқ атыўды “кеминде 30 күн” ге созыў зәрүр екенин айтты.
Еки жақтың арасында дәлдалшылық етип атырған АҚШ Президенти Дональд Трамп урыстың тамам болыўын көриўге қызығып атырғанын билдирди.
Улыўма алғанда, келиспеўшиликти сапластырыўға 20 мәртеден көбирек урынып көрилген, бирақ ҳәзирше табысқа ерисилгени жоқ.
Кешеги билдириўинде Кремль Путин “адамгершилик көзқарасынан” оқ атыўды тоқтатыўды жәриялағанына итибар қаратқан:
– Россия қарсы тәреп буннан үлги алыўы керек, деп есаплайды. Украина Тыныш турыў режесин бузған жағдайда, РФ Қураллы күшлери тийисли ҳәм нәтийжели жуўап береди. Бул кризистиң тийкарғы себеплерин сапластырыў ҳәм халықаралық шериклер менен белсене бирге ислесиўге қаратылған дәслепки, ҳеш қандай шәртлерсиз тынышлық сөйлесиўин өткериўге таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги