Өзбекстан БМШ Статистика комиссиясына ағза етип сайланды, бул қандай имканиятларды береди?

Глобал статистика сиясатын қәлиплестириў, миллий тәжирийбе ҳәм реформаларға байланыслы жетискенликлерди көрсетиў, сырт ел тәжирийбелерин үйрениў бағдарында елимизде нәтийжели жумыслар шөлкемлестирилип келинбекте. Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў арқалы және де кең имканиятларға жол ашылады.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Статистика комиссиясының Нью-Йорк қаласында болып өткен 2026-2029-жылларға ағза мәмлекетлерди сайлаў процесинде Өзбекстан биринши мәрте усы уйымның ағзасы етип бир аўыздан сайланды.
– Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң баслығы Беҳзод Ҳамроевтиң басшылығында 22-апрель күни БМШ Статистика департаменти директоры Стефан Швайнфест пенен ушырастық, – дейди Статистика комитетиниң Халықаралық қатнасықлар ҳәм рейтинглер менен ислесиў бөлиминиң баслығы Улуғбек Ноипов. – Онда Өзбекстанда статистика системасын жетилистириў, Миллий статистика комитетин трансформациялаў мәселелери, атап айтқанда, методикаларды халықаралық шөлкемлердиң принциплери ҳәм усыныслары менен сәйкеслендириў сыяқлы мәселелерди додаладық.

Тараўда хызметкерлердиң маманлығын арттырыў, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын өткериў сыяқлы темалар ортаға тасланды. Ушырасыўда Стефан Швайнфест Өзбекстан БМШ Статистика комиссиясына биринши мәрте ағза болғанын атап өтти.
– Статистика комиссиясына ағза болыў Өзбекстанға қандай имканиятлар береди?
– Статистика комиссиясына толық ағза болыў Өзбекстан ушын глобал статистика сиясатын қәлиплестириўде қатнасыў, миллий тәжирийбе ҳәм реформаларға байланыслы жетискенликлерди көрсетиў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын кең имканиятлар ашып береди. Бүгинги күнде Комиссия 24 мәмлекеттен ибарат болып, универсал статистика стандартларына ҳәм методологиялық принциплерге байланыслы жумысларды муўапықластырады. Оған мәмлекетлер төрт жылда бир мәрте географиялық бөлистириўди есапқа алып сайланади.
Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, Халықаралық статистика тараўының раўажланыўын белгилеп беретуғын бул ҳүкиметлераралық шөлкем 1947-жылы БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық кеңеси (ЭСК) тәрепинен функционал уйым сыпатында жумыс баслаған.
А.РУСТАМОВ, ӨзА