Балалар сүўретленген порнографиялық өнимлерди сақлағаны ушын жуўапкершилик

246

Бүгинги күнде балаларды ҳәр қыйлы көринистеги зорлықтан қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Бирақ соған қарамастан, балалардың ҳуқықларын және де исенимли қорғаў зәрүрлиги бар.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде “Балаларды зорлықтан қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

– Бүгинги күнде ҳуқықты қолланыў әмелиятында балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы бир қатар машқалалар бар, -деди депутат А.Шодманов. – Атап айтқанда, жынаяттан жәбирленген балалардың ҳуқықларын қорғаў, балаларды жынаят процесине гүўа сыпатында тартыўда олардың ҳуқықларын кепиллеў системасын жетилистириў талап етиледи. Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине балаларды жынысый зорлықтан қорғаў, балалар сүўретленген порнографиялық өнимлерди сақлағаны ушын жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине жас өспирим гүўаларды тергеў мүддетлерин анық белгилейтуғын өзгерис киргизиў усыныс етилмекте.

Статьяларды додалаў даўамында депутатлар тәрепинен бир қатар сораўлар ҳәм усыныслар берилди. Қызғын пикир-таласларда нызам жойбарының айырым нормаларын жетилистириў зәрүрлиги айтылды. Усы мақсетте жойбар жуўапкер комитет тәрепинен және де жетилистирилетуғын болды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА