Путин Арқа Кореядан миннетдар

Президент Владимир Путин Арқа Корея әскерлери Россия тәрепинде турып урыста қатнасып атырғанын биринши мәрте тән алды, деп жазды CNN.
Москва Курскти пүткиллей қайтарып алғанын жәрияланғанынан еки күн өтип берилген билдириўде былай делинген:
– Кореялы досларымыз тилеклеслик, әдиллик ҳәм шын жүректен жақынлық сезими менен ҳәрекет етти. Биз бенен ийинлес турып Ўатанымызды өз журтындай қорғаған әскерлердиң қаҳарманлығына, жоқары дәрежедеги арнаўлы таярлығы ҳәм пидайылығына ҳүрмет көрсетемиз.
Украина рәсмийлери ҳәм Батыс разведка хызмети тәрепинен алдынырақ 12 000 ға шамалас КХДР әскерий хызметкери РФ ға жиберилгени атап өтилген еди. Бул хабарға қосымша түрде март айында Қубла Корея әскерлери және 3000 арқа кореялы әскер, сондай-ақ, жүдә көп муғдардағы қысқа аралыққа ушатуғын баллистикалық ракета, жүзлеген дана 170 миллиметрли өзи жүретуғын қурылмалар, 240 миллиметрли ракета комплекси оқ атыў үскенеси жиберилгенин мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги