Дүнья бақсылары Хорезмде беллести

561

Халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң ең әййемги түрлеринен болған бақсышылық көркем өнери гуманизм идеяларын, тынышлық ҳәм дослық, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди жырлайды. Соның ушын да, бақсы, ақын ҳәм жыраўлар әзелден халық кеўилиниң жыршылары, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықларды бирлестиретуғын уллы инсанлар сыпатында ардақлап келинеди.

Мәмлекетимизде басқа көркем өнер түрлери сыяқлы бақсышылық көркем өнерине де айрықша итибар қаратылмақта.

Оны Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилип атырған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы мысалында да көриў мүмкин. Фестивальға қамтып алыў жылдан-жылға кеңейип бармақта.

Быйыл 26-28-апрель күнлери Хорезмде болып өткен IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында дүньяның 40 тан аслам мәмлекетлеринен 200 ге шамалас белгили бақсылар қатнасты.

Фестивальдың ашылыў мәресиминде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң IV Халықаралық бақсышылық фестивалы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Одил Абдураҳмонов оқып еситтирди.

Сол күни илаж көркем өнер шеберлери ҳәм бақсы, ақын, жыраўлардың концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.




IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде «Екинши Түркий дүнья мәденияты форумы» ҳәм «Жаңа Өзбекстанда бақсышылық көркем өнери: заманагөй изертлеўлер ҳәм перспективалар» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Әнжуман соңында бақсышылық көркем өнери перспективасы менен байланыслы әҳмийетли резолюция қабылланды.

– Өзбек миллий бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнериниң бийбаҳа үлгилерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўлад қәлбинде усы көркем өнер түрине ҳүрмет ҳәм итибар сезимлерин күшейтиў, ҳәр қыйлы халықлар арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик бирге ислесиў, мәдений-руўхый қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде және де кеңейтиў мақсетинде 2019-жылдан берли Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өткерип келинбекте. Усы жылы әнжуман әййемги Хийўада болып өтпекте. Фестивальда дүньяның 40 тан аслам мәмлекетлеринен ўәкиллердиң қатнасып атырғаны оның абырайы жоқары екенлигинен дәрек береди,-дейди Әзербайжан мәденият министри Адил Керимли.

– Төртинши халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы ҳәм оның шеңбериндеги бул абырайлы халықаралық илажларды әййемги ҳәм бийтәкирар Хийўа қаласында өткерип атырғанымыз бийкарға емес. Хийўа тек ғана улыўма дүнья мийрасына тийисли теңсиз тарийхый естеликлери емес, ал әййемнен илим, мәденият, көркем өнер, әдебияттың раўажланыўында үлкен орын ийелеген әҳмийетли мәнзиллеримизден бири екенлиги менен қәдирли болып есапланады,-дейди Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков. – Кейинги жыллары туўысқан үлкелерде шөлкемлестирилип атырған ири әнжуманлар, оларда алға қойылып атырған пикир-усыныслар мәнаўий бирлигимизди тәмийинлеў, уқсас қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, халықларымыз арасындағы байланысларды және де беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтиў орынлы.

Фестивальдың халықаралық таңлаўын Өзбекстан, Венгрия, Әзербайжан, Қазақстан, Россия, Кувейт, Монголия мәмлекетлери ўәкиллеринен ибарат төрешилер коллегиясы баҳалап барды.

Халықаралық фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мақсетинде ақшалай сыйлықлар белгиленген болып, гран при ийесине – 7000 доллар, 1-2-3-орынларды ийелегенлер ушын сәйкес түрде ҳәр бир бағдарда 2 номинация (Дәстан атқарыўшылығы бағдары, Нама атқарыўшылығы бағдары) бойынша  5 000, 3500, 2500 доллардан ажыратылды.

Фестиваль қатнасыўшылары төмендеги нәтийжелерди көрсетти:

3-орынға – Икхагвасурен Лкхамрагча (Монголия), Степанова Аксиния (Россия), Аҳмедов Зиёдулло (Өзбекстан), 2-орынға – Абдуллаев Усмонжан (Өзбекстан), Турикпен Кенсулу (Қазақстан), 1-орынға – Жуматова Муяссар (Өзбекстан), Түркменстан миллий бақсылар топары (Түркменстан), Гран При сыйлығына Әзербайжанның «Ашықлар» топары еристи.

Буннан тысқары, номинациялар бойынша да қатнасыўшылар сыйлықланды. Сыйлықларды Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Жўрабек Раҳимов ҳәм басқа да рәсмийлер тапсырды.

Хийўада өткерилген IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы ҳәр бир халықтың әзелий тарийхы ҳәм мәденияты, бәринен бурын, оның аўыз-еки дөретиўшилиги фольклор көркем өнеринде, дәстан ҳәм эпосларында жәмленгенин, олар миллеттиң өзлигин аңлаў, оның өзине тән миллий қәдириятлары ҳәм дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўда бийбаҳа дәрек екенлигин дәлилледи.

Аҳмаджан ШОКИРОВ,

ӨзАның хабаршысы