Үлгили қыйтақ жер ийелериниң тәжирийбелери көрсетилди

Бозатаў районында «Қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў-қосымша дәрамат дәреги» атамасында көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Өткерилген семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри К.Азербаев, Өзбекстан мәҳәллелер ассосациясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, Бозатаў районы ҳәкими Б.Уббиниязов ҳәм район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, мәҳәлле жетилиги, сондай-ақ, аймақта жасаўшы пуқаралар қатнасты.
Өткерилген семинарда илаж қатнасыўшылары Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары Жүгинис Жуманазаров ҳәм Қалмамбет Жангелдиевлердиң шаңарағында болып, ол жерде үлгили қыйтақ жер ийелерииниң ис-тәжирийбелери менен жақыннан танысты ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў усылларын барлық мәҳәллелерде кеңнен ен жайдырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар белгилеп берилди.

Сондай-ақ, семинар даўамында қатнасыўшыларға бул еки шаңарақтың жумыс тәжирийбеси арқалы ҳәзирги күнде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланған ҳалда дәрамат табыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи мүмкин екенлиги көрсетип берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы