Өзбекстан Президенти «ИННОПРОМ» халықаралық көргизбесин барып көрди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-апрель күни Ташкент қаласында жумыс баслаған «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» бесинши халықаралық санаат көргизбесине барды.
Көргизбе «Central Asian Expo Uzbekistan» комплексинде өткерилмекте. Экспозицияның улыўма майданы 18 мың квадрат метрден артық. Онда Россия, Орайлық Азиядағы қоңсы мәмлекетлер, Қытай, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден 10 мыңнан аслам делегатлар қатнаспақта.
Көргизбеде машина қурылысы, электротехника, металлургия, химия санааты, транспорт, қурылыс, IT ҳәм басқа тармақлардағы жетекши кәрханалардың технологиялық шешимлери, заманагөй үскенелери ҳәм таяр санаат өнимлери көрсетилмекте.


Павильонлар ҳәм экспозицияларды көзден өткериў ўақтында мәмлекетимиз басшысы экономикалық кооперация ушын үлкен имканият ҳәм жаңа бизнес идеялар ислеп шығыў ушын жақсы имканиятлар бар екенлигин айрықша атап өтти.
Форум жаңа ири жойбарларды әмелге асырыўға пәт бағышлап, узақ мүддетли шериклик байланысларын раўажландырыў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Президенти Россия Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуров басшылығындағы делегация менен ушырасыўлар өткерди.


Россия делегациясы басшысы Президентимизге Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өткен жылы май айында Россия Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Товар алмасыўдың өсиў пәти сақланып қалмақта, еки мәмлекет аймақларын жедел тартқан ҳалда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, соның ишинде «Иннопром» форумы шеңберинде өз-ара муўапықласқан шешимлерди ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.


Татарстан Баслығы Рустам Минниханов пенен ушырасыўда жетекши кәрханалардың санаат кооперациясын ҳәм жедел гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселелери додаланды.
Жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў, нефть-газ, химия, транспорт, туризм ҳәм басқа да тараўларда, соның ишинде, Өзбекстан аймақларындағы санаат зоналары шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.


«Росатом» мәмлекетлик корпорациясы бас директоры Алексей Лихачев пенен сәўбетте тыныш атом тараўындағы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Аўыл хожалығы ҳәм медицинада ядро технологияларын қолланыў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, Ташкент қаласындағы «МИФИ» филиалы негизинде кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы дөгерек сәўбетинде қатнасты. Онда еки мәмлекет аймақлары ҳәм жетекши компанияларының басшылары кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелерди таныстырды.

ӨзА