Инновациялық технологияларды қолланыў заман талабы

326

Кегейли районы Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйынындағы «Юлдуз»  фермер хожалығында  2025-жылдың зүрәәти ушын шигит егилген майданларда агротехникалық илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, культивациялаў, азықландырыў, биоөним жетистириўге бағышланған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Өткерилген семинарға район ҳәкими А.Камалов, фермерлер, кластерлер, тараўға жуўапкер басшылар ҳәм қәнигелер қатнасты.

Семинарда шигит егилген майданлардың жағдайы, агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўдың әҳмийети, сондай-ақ, заманагөй агротехника усылларынан пайдаланыўдың артықмашылықлары талқыланды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев өз сөзинде аўыл хожалығы тараўында инновациялық технологияларды енгизиў зәрүрлиги, заманагөй технологияларды қолланыў, суўғарыў системаларын жетилистириў арқалы атызларда өнимдарлықты арттырыў ҳәм сапалы өним жетистириў мүмкин екенлигин атап өтти.

Семинар даўамында фермерлерге ғаўашаларды культивациялаў, азықландырыў, биоөним жетистириў ҳәм басқа да агротехникалық жумысларды дурыс орынлаў бойынша әмелий мәсләҳәтлер берилди.



Өз гезегинде Кегейли районы ҳәкими А.Камалов фермерлерге айырым машқалалар жүзеге келгенде мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққында мағлыўмат берди.

Семинар аўыл хожалығы тараўында инновациялық технологияларды енгизиўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып, келешекте бул тараўда және де үлкен жетискенликлерге ерисиўге мүмкиншилик береди.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы