КХДР Россияға әскер жибергенин тастыйықлады

Қубла Корея ҳәм Батыс разведкасы көп ўақыттан берли Пхеньян Россияның Курск ўәлаятына мыңлаған әскер жибергенин айтып киятырған еди.
Ақыр соңында жетекши Ким Чен Инниң буйрығына бола, Арқа Корея әскерлери РФ шегара аймағын “толық азат етиўге” жәрдем бергени мәлим етилди. Бул ҳаққында ВВС жазған.
Тийисли билдириў Россия Қураллы күшлери Бас штабының баслығы Валерий Герасимов КХДР армиясының “қаҳарманлығы”н алғыслағанынан бир неше күн өтип жаңлады.
Сондай-ақ, Москва федерация батысындағы Курск ўәлаяты үстинен толық қадағалаў орнатылғанын да жәриялады. Украина болса бул хабарды бийкарлады.
Билдириўге жуўап ретинде АҚШ Арқа Корея енди урысты даўам еттириў жуўапкершилигин өз мойнына алыўы керек екенлигин айтты.
Әскерлерди жайластырыў қарары Пхеньян ҳәм Москва арасындағы қорғаныў бойынша өз-ара келисимге муўапық қабыл етилди, деп хабар берген KCNA.
– Әдиллик ушын гүрескенлердиң барлығы қаҳарман ҳәм ўатанның абырайын қорғаўшылар, – деди Ким. – КХДР ҳәм РФ Курскте “аўқамласлық ҳәм дослық” үлгисин көрсетип, “қан менен тастыйықланған дослық” қатнасығын ҳәр тәреплеме беккемлеўге салмақлы үлес қосты.
Мусулмон Зиё, ӨзА