Трамп: Зеленский Қрымнан ўаз кешиўге таяр

АҚШ ҳәм Украина басшылары Рим папасы Францисктиң жерлеў мәресими алдынан қысқа ушырасыў өткерген. Буннан кейин Президент Дональд Трамп кәсиплеси Владимир Зеленский Қрымды тынышлық келисими шеңберинде Россияға бериўге таяр, деп ойлайтуғынын айтты. Бул ҳаққында ВВС жазған.
– “Украина жетекшиси 2014-жылы нызамсыз түрде аннекция етилген қубла ярым атаўы үстинен қадағалаўды Россия тәрепине бериўге таяр, деп ойлайсыз ба?” мазмунындағы сораўға Трамп “Мениңше солай,” деп жуўап берген.
Украина аймақлық темада ҳеш қандай жеңиллик берилмейтуғынын қайта-қайта тәкирарлап, жерге байланыслы мәселе тек ғана шәртнама келисимине ерисилгеннен кейин додаланыўы мүмкин екенлигин айтып келмекте.
Зеленский де, Путин де Трамптың соңғы түсинигине ашық-айдын мүнәсибет билдирмеди.
Кеше азанда Германия қорғаныў министри Борис Писториус Украина оқ атыўды тоқтатыўдың есабынан аймақлық жеңиллик бериўди нәзерде тутатуғын келисимге разы болмаўы керек, деп ескерткен еди.
Мусулмон Зиё, ӨзА