Мийнетти қорғаўдыӊ жаӊа басқышлары додаланды

320

28-апрель – Пүткил жер жүзилик мийнетти қорғаў күни

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 28-апрель – Пүткил жер жүзилик мийнетти қорғаў күнине бағышланған «Мийнетти қорғаўдыӊ жаӊа басқышы: жумыс орнында жасалма интеллект ҳәм санластырыўдыӊ роли» атамасында илаж өткерилди.

Оған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети Қарақалпақстан аймақлық бөлими, Бас шыпакерлик-социаллық экспертизасы, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем хызметкерлери қатнасты.

Илаж мийнетти қорғаўда пайдаланылатуғын көргизбели қураллар менен танысыў менен басланды. Соң сәнеге бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.

Мақсет – мийнетти қорғаў тараўында жасалма интеллект ҳәм санластырыўды системалы тәризде жолға қойыў болып есапланады. Жасалма интеллект инсан мийнетин жеӊиллестириўде, нәтийжеликти арттырыўда ҳәм жаӊа имканиятлар жаратыўда әҳмийетли роль атқарады.

Илаж жасалма интеллекттен системалы түрде пайдаланған ҳалда хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, олардыӊ мийнетин жеӊиллетиў, өндирис  пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў сыяқлы мийнетти қорғаў тараўында ҳәм турмыслық әҳмийетке болған жағдайлар бойынша сораў-жуўаплар ҳәм пикир алысыўларға бай болды.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Шөлкемлестириў бөлими баслығының орынбасары Ж.Ихтияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, инсандағы интеллекттиӊ тийкарғы жемиси болған жасалма интеллекттен мәмлекетимизде де пайдаланылып атырғанын атап өтти.

Оған мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде жасалма интеллекттен пайдаланып атырғанлығын мысал етип келтириўимиз мүмкин.

Халыққа онлайн хызметлерди усыныў ҳәм 24/7 режиминде мәмлекетлик хызметлерге байланыслы сораўларға жуўап алыў имканиятларын жаратыў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Президиумының арнаўлы қарарына муўапық, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша Республикалық таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болғанлар баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.



Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги