Ҳәр бир қәдемимиз – дүньяның жасыллығы ушын

269

Экология менен байланыслы машқалалар бүгинги күнде дүньяның барлық регионларына сезилерли дәрежеде тәсир етпекте. Әсиресе, климат өзгериўи, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, қазылма байлықлардан нормадан тыс пайдаланыў, глобал ысыў, тәбийғый апашылықтың көбейиўи, қоршаған орталық ҳәм халықтың саламатлығы мәселелери әлле қашан шешимин күтип турған машқалаларға айланып үлгерген.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламадан елимиздиң глобал жәмийетшилик алдындағы миннетлемелерин орынлаўда тармақ ҳәм тараўлардың үйлесимли “жасыл трансформация”сын әмелге асырыў, олардың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм ресурс үнемлилигин тәмийинлеў, климаттың өзгериўине бейимлесиў ҳәм ақыбетлерин жумсартыў, сондай-ақ, халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм экономикалық өсимдиң жаңа “жасыл раўажланыў” моделине өтиўине байланыслы ўазыйпалар орын алған. Соның менен бирге, онда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм климатқа байланыслы машқалаларды жумсартыўдың жаңаша усылы белгилеп берилген.

Ҳақыйқатында да, экологиялық турақлылық жолында “жасыл” технологияларды енгизиў, суўды үнемлеў, жасыл аймақларды кескин көбейтиў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, шығындылар машқалаларын сапластырыў ҳәм тийкарғысы, халықтың саламатлығын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылыўы мақсетке муўапық.

Мәмлекетимиз басшысы БМШтың Климат өзгериўи бойынша конференциясында шығып сөйлеген сөзинде дүньяда жүз берип атырған климат өзгерислери тийкарғы глобал қәўип-қәтерлерге айланып, геосиясий кескинликтиң күшейиўине тиккелей тәсир етип атырғаны, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги, суў ҳәм ресурслардан пайдаланыў машқалаларының кескинлесип атырғаны, климат машқалалары, халықтың турмыс тәризин жақсылаў ҳәм миллий раўажланыў стратегияларын әмелге асырыўда жаңа тосқынлықларға ушырап атырғанын атап өткен еди. Соның менен бирге, Өзбекстан глобал климат өзгерислериниң ақыбетлерин биргеликте жеңип өтиўге әмелий үлес қосыў ҳәм кеңейтиў мақсетинде бир қатар әҳмийетли мәселелердиң шешимине байланыслы усыныслар да берген еди.

2025-жылға “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы,” деп атама берилгени тегиннен емес. Бул қарар елимиздиң турақлы раўажланыўы, жүзеге келген экологиялық машқалаларды шешиў арқалы экономикалық өсимди тәмийинлеўге қаратылған бир неше факторларға тийкарланғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Атап айтқанда, экологиялық жақтан қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетип атырған жағдайлар көбеймекте. Сонлықтан, қоршаған орталық мәселесин тийкарғы күн тәртибине алып шығыў әне, усы машқалаларды сапластырыў имканиятын жаратып, жәмийешиликте тәбиятқа болған ғамқорлықты күшейтеди.

Өйткени, “жасыл экономика” – ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, энергия дәреклерин жаңалаў, шығындыны азайтыў ҳәм тәбийғый байлықларды сақлап қалыў тийкарына қурылған экономикалық модель. 2025-жылы бул бағдар мәмлекетимиздиң экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

“Жасыл экономика”ға өтиўде инновацияларды қолланыў жүдә әҳмийетли. Усы көзқарастан, быйыл илим ҳәм технологияны раўажландырыў және де әҳмийетли ўазыйпаға айланып, жаңа энергия дәреклерин жаратыў, қолда бар ресурслардан жаңаша усылда пайдаланыўды хошаметлеў басқышпа-басқыш жолға қойылмақта.

Қоршаған орталықты сақлаўда ҳәр бир пуқараның жуўапкершиликли орны бар. 2025-жылы жәмийетлик белсендиликти арттырыў мақсетинде ҳәр қыйлы илажлар өткериў, экологиялық исбилерменликти хошаметлеў, қоршаған орталық ҳаққында хабардарлықты арттырыў, жас әўладқа экологиялық тәрбия бериў дыққат орайына алып шығылыўы мақсетке муўапық.

Мәмлекетимиздеги реформаларды, басламалы ҳәрекетлерди жоқары билимлендириў системасында да енгизиў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде айрықша илажлар белгиленип, кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Соның ишинде, университеттиң бас оқыў имаратындағы 702 квадрат метр майданға қуўатлылығы 100 киловатт болған қуяш фотоэлектр станциясы, сондай-ақ, университет студентлериниң турақ жайларына 3200 литрлик қуяш суў ысытыў коллекторы орнатылып, иске қосылды.

Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы “2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер министрлик тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, университеттиң 20 имаратындағы 9533,66 квадрат метр майданға қуўатлылығы 880 киловатт болған қуяш фотоэлектр станциялары орнатылып, ҳәзирги күнде нәтийжели пайдаланылмақта.

Сондай-ақ, режеден тыс университеттиң және 3 имаратына қуўатлылығы 110 киловатт болған усындай станциялар орнатылды ҳәм “Жасыл энергия” электрон платформасына киргизилди.

Университетке орнатылған қуяш панельлерин системаға жалғаў бойынша аймақлық электр тармақлары кәрханалары менен белгиленген тәртипте шәртнамалар рәсмийлестирилди ҳәм 2024-жылдың басынан бүгинги күнге шекем сезилерли муғдарда электр энергиясы үнемленди. Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде усы күнге шекем университетте жәми 1090 киловаттқа тең қуяш панельлери орнатылған.

Альтернатив энергия дәреклери бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша әҳмийет қаратылмақта. 2025-2026-оқыў жылынан баслап “Қайта тиклениўши энергия дәреклери” билимлендириў бағдары бойынша кадрлар таярлаў режелестирилмекте. Бул билимлендириў бағдары ҳәм ҳәзирги энергетика инженерлиги оқыў режелери менен бағдарламаларын Европаның алдынғы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бағдарламалары менен трансформациялаў процесслери де баслап жиберилген. Соның ишинде, университетимизде Европа Аўқамының гранты тийкарында қаржыландырылатуғын “DEBSE-Uz” жойбары әмелге асырылмақта ҳәм онда профессор-оқытыўшыларымыз белсене қатнаспақта. Жойбар шеңберинде “Қайта тиклениўши энергия дәреклери” билимлендириў бағдарламасы оқыў режелери ҳәм илим бағдарламалары дүньяның алдыңғы технологияларына сәйкес ислеп шығылады, университет усы бағдардағы заманагөй лаборатория менен тәмийинленеди. Келешекте бул лаборатория тийкарында региондағы энергетика қәнигелерин қайта тиклейтуғын энергия дәреклери бойынша қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайын ашыў режелестирилген.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада республика энергобалансында қайта тикленетуғын энергияның үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири “жасыл” энергия станцияларын қурыў, аймақларда микроГЭСлер тармағын кеңейтиў, халықтың турақ жайларында қуяш панельлерин орнатыўды хошаметлеў мәселесине де айрықша әҳмийет берилген. Бул ўазыйпаларға илимий жәмийетшиликтиң итибарын көбирек тартыў ҳәм илимпазлардың потенциалынан кеңнен пайдаланыў мақсетке муўапық.

Регионымыздағы жүдә көп өндирислик ҳәм санаат кәрханаларында жоқары басымда ислейтуғын агрегатлар ҳәм насос станциялары бар, олардағы қубырлардың басымынан механикалық ҳәрекетленетуғын генераторлардан ибарат миниэлектр станцияларын қурыў мүмкин. Университетимиз илимпазлары тәрепинен аз қәрежет талап ететуғын асинхрон генераторлар бойынша изертлеўлер орынланды ҳәм олар үлкен көлемдеги энергия тутыныўшы кәрханаларға өз қолланбаларын усыныс етпекте. Келешекте бул бағдардағы ҳәрекетлер унамлы нәтийжесин беретуғынына исенемиз.

Мәмлекетлик бағдарламадан орын алған тийкарғы мәселелерден және бири мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў болып есапланады. Логикалық жақтан қарағанда, елимизде усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратыў үш-төрт жыл алдын басланған. Солардан бири “Жасыл мәкан” улыўма миллий ҳәрекети болып, оған ҳәр бир пуқара қатнаспақта. Нәтийжеде жәмийетимизде экологиялық турақлылық түсиниги ҳәм экомаданияттың жедел жетилисиўи жүз бермекте, адамлардың қоршаған орталыққа мүнәсибетинде унамлы өзгерислер бақланбақта. Университетимиз жәмәәти, әсиресе, студент-жасларымыздың усындай экологиялық илажларда белсене қатнасыўы ҳәм басламалары, жайласқан аймағымыздың барған сайын жасыл көриниске енип атырғаны пикиримизге дәлил бола алады.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламадан орын алған және бир итибарлы мәселе халықтың денсаўлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятлар жаратыўға айрықша әҳмийет берилген. Университетте билим алып атырған студент-жаслардың физикалық жақтан саламат, руўхый жақтан бәркамал, өзлери таңлаған кәсиптиң жетик қәнигеси болыўы ушын соған ылайық инфраструктураға да ийе болыў зәрүр. Усы жерде студентлерди заманагөй шараятларға ийе болған турақ жайлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги 3 жылда университетте студентлер турақ жайларының саны еки есеге көбейип, 10 ға, ондағы орынлардың саны болса 1,5 есеге артып, дерлик 3 мыңға жеткерилди. Усы жылдың басында және бир заманагөй студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды. Онда бир ўақыттың өзинде 400 студентти жайластырыў имканияты болып, барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Бул жердеги оқыў, руўхыйлық, компьютер ҳәм дем алыў ханалары, китапханалар заманагөй үскенеленген. Ҳәр бир қабатта санитария-гигиена талапларына жуўап беретуғын жуўыныў бөлмелери, асханалар болып, олар студентлердиң күнделикли зәрүрликлерин толық қанаатландыра алады.

2025-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында және 400 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Нәтийжеде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежеси 50 процентке шекем артады.

Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм “жасыл экономика” жылында тек ғана экологиялық ўазыйпалар шешилип қалмастан, ал экономикалық турақлылыққа қарай алға қәдемлер тасланады. Себеби, жыл даўамында қоршаған орталықты қорғаў жолында әмелге асырылатуғын илажлар тийкарында келешек әўладлар ушын мүнәсип шараят жаратыўдай ийгиликли мақсет өз көринисин тапқан.

Ахмед РЕЙМОВ,

Академик.

Қарақалпақстан хабар агентлиги