Тилекке қарсы, айырым ўатанласларымыздың сырт еллерде нызам бузыўшылық ямаса турпайы минез-қулқы тек ғана оларға емес, ал пүткил халқымызға унамсыз тәсир етпекте.
252
Бундай жағдайлардың нәтийжесинде басқа мәмлекетлер өз шегараларын жаўыўы ҳәм Өзбекстанның сыртқы сиясаттағы үлкен мийнети зая болыўы мүмкин.
Соны умытпаң: ҳәр биримиз Ўатан елшиси есапланамыз. Қайсы жерде болмайық, Өзбекстанның абырайын мүнәсип қорғаўымыз, нызамлар ҳәм жергиликли әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўимиз шәрт.
Өзиңиздиң ҳәм елиңиздиң абырайын сақлаң! Өзбекстан пуқарасы екениңиз бенен мақтаныўыңызды ҳәм бул мақтанышты әмелий түрде дәлиллеўиңизди сорап қаламыз.