Жонатан Хеник: Өзбекстан – жедел раўажланып атырған, халқы көп, базары үлкен мәмлекет

Соңғы жыллары Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышына қәдем қоймақта. Бул жоқары дәрежедеги сиясий өз-ара исенимге ерисиў ҳәм бул исенимди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы барлық тараўларда экономикалық бирге ислесиўди жеделлестириўге умтылыў менен сыпатланады.
Мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алған Қурама Штатлар менен 1992-жыл 19-февральда дипломатиялық қатнасық орнатылған. Ҳәр еки мәмлекет пайтахтында елшиханалардың жумысы жолға қойылған. Мәмлекетлеримиз арасында «Орайлық Азия – АҚШ» (С5+1) форматы шеңберинде турақлы сөйлесиў алып барылмақта.
Өзбекстан базарында Американың жетекши компанияларының қатнасын кеңейтиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша анық келисимлерге ерисилип атырғанын атап өтиў керек. Бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы еки мәмлекет ҳәм халық мәпине толық жуўап береди, деп айтыў мүмкин.
Кеше АҚШтың Ташкенттеги елшиханасында «Дональд Трамп ҳәкимшилиги дәўиринде Өзбекстан ҳәм АҚШ қатнасықлары» темасында ҒХҚ ўәкиллери қатнасыўында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Ашық сөйлесиў руўхында болған мәжилис алдында Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши Жонатан Хеник өз-ара исенимге тийкарланған көп тәреплемели шерикликтиң және де раўажланып атырғанын тастыйықлады.
– Байланысларымыз күн сайын жақсыланып атырғанын айтыўдан қуўанышлыман,-деди Елши Хеник. – Бириншиден, Президент Дональд Трамп инауграциясынан кейин 100 күннен азырақ ўақыт ишинде биз өз-ара қатнасықлардың мисли көрилмеген дәрежесиниң гүўасы болдық.
Мәмлекет хаткери Марко Рубио ҳәм Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бир неше ай алдын телефонда сөйлести. Кейинирек министр басқа жоқары мәртебели ҳүкимет әмелдарлары менен бирге Вашингтонда болып, Мәмлекет департаментинде хаткер Рубио ҳәм Ақ үйде миллий қәўипсизлик бойынша мәсләҳәтши Майкл Уолц ҳәм басқа да жоқары мәртебели ҳәмелдарлар менен ушырасты. Дүньяда АҚШ пенен бундай дәрежеде байланысқа ийе мәмлекетлер аз.
Бизге белгили, Трамп ҳәкимшилигиниң тийкарғы бағдарларынан бири АҚШтағы миграция мәселеси болып есапланады. Биз алдынғыдай Өзбекстан менен бул тараўдағы бирге ислесиўден қуўанышлымыз.
Үлкеңиздиң пуқараларын АҚШқа нызамсыз кириўден қайтарыў, оларға Қурама Штатларға барыўдың нызамлы жолларын түсиндириў мақсетинде миграция мәселелери менен шуғылланып атырған еки тәреплеме жумысшы топар дүзилген. АҚШқа саяхат етиў ямаса жумыс ислеўди усыныс етип ақша өндирип атырған адамлардан жүдә абайлы болыў керек.
Сондай-ақ, биз терроризм, нәшебентлик затлар ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүрес сыяқлы әҳмийетли мәселелерди белсене додалаўда даўам етип атырмыз.

Вашингтонда өз-ара саўда көлемин арттырыў, Америка компанияларын Өзбекстанда ислеўге көбирек тартыў ҳәм олар ушын мәлимлеме технологиялары, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, ядро энергетикасы тараўларында елиңиз бенен биргеликте ерискен табысымыз додаланды. Бул тараўлардың барлығы жүдә перспективалы екенине исенемиз.
Биз ынтықлық пенен күтип атырған, усы жылдың июнь айында болып өтетуғын Ташкент инвестиция форумына АҚШ саўда делегациясының келиўи күтилмекте.
Буннан соң дипломат журналистлердиң рәсмий Вашингтон ҳәм Ташкент қантасықларына байланыслы сораўларына жуўап берди.
– Президент Трамптың сыртқы сиясат бойынша «Америка биринши» принципин есапқа алсақ, АҚШтың Орайлық Азиядағы роли қандай болыўы мүмкин?
– Орайлық Азия мәмлекетлери менен және де тереңирек бирге ислесиў «Америка биринши» сиясатын әмелге асырыўға жәрдем береди. Өзбекстандағы жумысымыз шериклик ҳәм өз-ара пайдаға тийкарланған. Трамп ҳәкимшилигиниң Өзбекстан ҳүкимети менен тығыз бирге ислесиўине себеп биз бул елде Америка пуқаралары ушын пайда көрип атырмыз.
Өзбекстан жедел раўажланып атырған, халқы көп, базары үлкен мәмлекет. Дүньяның ең жақсы технологиялары ҳәм бизнес әмелиятын усыныс етиўши көплеген компанияларымыз республика менен еки тәреплеме пайдалы саўда байланысларын жолға қойыўы мүмкин деп ойлайман.
– Билемиз, жақында Дональд Трамп сыртқы жәрдемди девальвациялаў ҳаққындағы арнаўлы пәрманға қол қойды. Бул Өзбекстандағы ҳәзирги ҳәм келешектеги жойбарларға қандай тәсир етеди?
– АҚШ сыртқы жәрдемин көрип шығыў процеси Өзбекстанға өз алдына тийисли емес, ал пүткил дүнья бойлап болмақта. Буннан гөзленген мақсет анық: ҳәр қандай жаңа ҳәкимшилик жәрдем бағдарламалары ҳүкимет күн тәртибин қоллап-қуўатлаўына исеним пайда етиўди қәлейди.
Биз денсаўлықты сақлаў, атап айтқанда туберкулёзға қарсы гүрес тараўында киши көлемдеги гуманитарлық жәрдем бағдарламалары бойынша қарарлар қабылладық. Бул бағдарламалар даўам етеди.
Айырым билимлендириў бағдарламалары тоқтатылады. Келешекте жәрдем бағдарламалары ҳәкимшилик күн тәртибин тиккелей қоллап-қуўатлаўын тәмийинлеўге ҳәрекет етемиз.
– Усы айдың басында Самарқандта Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы стратегиялық шериклик ҳаққындағы әҳмийетли ҳүжжетке қол қойды. Қурама Штатлардың бул еки регион стратегиялық шериклигине мүнәсибети қандай?
– Өзбекстан жақын қоңсылары, АҚШ ямаса Европа Аўқамы менен толық қатнасықлар орната алады. Қурама Штатлар оны түсинеди ҳәм қоллап-қуўатлайды.
Бул Өзбекстанның Қурама Штатлар менен беккем байланысларына толық сәйкес келеди, деп ойлайман.
– Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискеннен кейинги 30 жылдан көп дәўир ишинде АҚШ жетекшилери регионға аз келген. Итимал, улыўма келмеген, десек те болар. Жақын жыллары АҚШ Президенти ямаса Мәмлекетлик хаткериниң үлкемизге келиў режеси бар ма?
– Жоқарыда атап өткенимдей, жақында елиңиздиң жоқары лаўазымлы мәмлекетлик ҳәмелдарлары Вашингтонға сапары ўақтында президент Трампты Өзбекстанға келиўге мирәт еткен. Ақ үй мирәттен қуўанышлы болғанын билемен.
Ақ үй ҳәкимшилиги бул мәселени жақсылап үйренип шығатуғынына исенемен. Айтқаныңыздай, 30 жыл АҚШ Президентиниң регионға келиўи ушын бул арзыйтуғын ўақыт.
– Трамп алдынғы ҳәкимшиликтен өзгеше түрде иммиграция, жумыс ҳәм билимлендириў мәселелерине қандай қатнаста болады?
– Трамп ҳәкимшилиги иммиграция мәселесинде әдеўир кескин жол тутпақта. Соның менен бирге, ҳәзирги ҳәкимшилик киятырған турист, студент, бизнесменлерди, егер олар нызамлы түрде келсе, қоллап-қуўатлайды.
Өткен жылы 1000 нам аслам Өзбекстан пуқарасы АҚШ университетлеринде оқыды. Бул сан өсиўде даўам етиўин қәлеймиз ҳәм күтемиз.
Ҳәзир АҚШта сырт ел пуқаралары ушын ислеў имканияты шекленген. Тилекке қарсы, алдынғы жыллары шегараны кесип өтип, баспана сорап, нызамсыз жумыс табыў нийетинде жүрген көп адамларды көрдик. Мениңше, бундай имканият Трамп ҳәкимшилигинде болмайды. Қулласы, Қурама Штатларда жумыс ислемекши болған адамлар ушын бул қыйынырақ болатуғынын айтпақшыман.
– Президент Трамп ҳәкимшилиги көплеген мәмлекетлер, атап айтқанда Өзбекстан ушын да саўда тарифин жәриялаған. Мәмлекетимиз рәсмийлериниң Вашингтонға сапары ўақтында бул бағдарда сөйлесиў алып барылды ма? Өзбекстан ушын саўда тарифи бийкар етиледи ме?
– Қурама Штатлар дүньяның дерлик барлық мәмлекетлерине тариф қолланды. Алжаспасам, Өзбекстанда ең төмен тариф белгиленген.
Вашингтонда мен қатнасқан ушырасыўларда бул ҳаққында гәп болмады. Ҳәзирги ўақытта да АҚШта делегацияыңыз бар екенлигинен хабардарман. Итималлы додалаў темалары арасында саўда ҳәм тариф мәселеси болыўын күтип қалар едим.
Ўткир АЛИМОВ жазып алды.
ӨзА