Алматада Өзбекстан ҳәм Қытай сыртқы ислер министрлери ушырасты

Қытай Халық Республикасы басылымлары Алмата қаласында Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, мәмлекет сыртқы ислер министри Ван И ҳәм Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ушырасыў өткергенин жазды.
Сөйлесиў даўамында Қытай ўәкили еки мәмлекет жетекшилериниң жеке үлгиси ҳәм хошамети астында өз-ара қатнасық жоқары шыңға көтерилип, еле де кең перспективадан дәрек берип атырғанын атап өткен. Ҳақыйқатында да, еки тәрептиң бир-бирине исеними барған сайын күшейип, ҳәр тәреплеме пайдалы бирге ислесиў унамлы алға илгерилеў көрсеткени, экономикалық, саўда ҳәм инвестиция айланысының көлеми кеңейип атырғаны қуўанышлы. Ири жойбарлар әмелге асырылып атырғаны, визадан азат етиў ҳаққындағы келисим алға қойылып, турмысқа енгизилип атырғанына итибар қаратылды.
Ушырасыўда 2024-жыл январьда Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлерге муўапық, Қытай мәмлекетинде Өзбекстан туризм жылы табыслы ашылғаны атап өтилди. Сондай-ақ, Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолының мүддетинен алдын ашылыўына жәрдемлесиў, жасалма интеллект, санлы саўда ҳәм климат өзгериўи сыяқлы раўажланып атырған тараўларда шерикликти кеңейтиў, және де тәсиршең “есап бериў картасы”н жаратыў, ҳәр еки тәрептиң модернизация процесин алға қойыў ҳәм раўажланыўды жеделлестириўде өз-ара жәрдем бериўге таяр екени атап өтилди.

Өзбекстан сыртқы сиясат уйымы басшысының атап өтиўинше, ҚХР жаңа дәўирде өз цивилизациясының терең мийрасын толық көрсеткен ҳалда, үлкен раўажланыўға еристи. Өзбекстан буны терең қәдирлейди. Еки мәмлекет басшыларының узақты гөзлеген сиясаты себепли Өзбекстан – Қытай қатнасықлары жаңа дәўирде ҳәр қандай шараятта кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди ҳәм бул ҳәр қыйлы тараўлардағы әмелий бирге ислесиўде жаңа перспектива ашты. Ҳәзир халықаралық масштабта терең өзгерислер бақланбақта, “Қытай – Орайлық Азия” механизминиң стратегиялық әҳмийети барған сайын артпақта.
Тәреплер ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўди беккемлеў бойынша да пикир алысты. Сондай-ақ, байланыслардың раўажланыўындағы жоқары өсим пәтин сақлап қалыў әҳмийетли екенлигин мақуллады.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА