Самарқандта болып өтетуғын “Орайлық Азия – АҚМБК” саммити «Arab News»тиң дыққат орайында
Саудия Арабстанының инглис тилиндеги жетекши газетасы – «Arab News»те Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Ариповтың Саудия Арабстанының «Gulf Research Center» изертлеў орайының директоры Абдулазиз Сагер менен биргеликтеги “Орайлық Азия ҳәм АҚМБК: тарийхый байланыслардан стратегиялық шерикликке қарай” атамасындағы мақаласы жәрияланды.
Мақалада Орайлық Азия ҳәм Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси (АҚМБК) мәмлекетлери арасындағы жедел раўажланып атырған қатнасықлар ҳәр тәреплеме талланып, еки регион арасындағы стратегиялық шериклик перспективалары белгилеп берилген.
“2023-жыл 19-июльде Жиддада болып өткен Орайлық Азия ҳәм АҚМБК мәмлекетлери басшыларының биринши тарийхый саммити бул процесстеги бурылыс бағдары болып, бул саммит узақ мүддетли стратегиялық бирге ислесиў ушын тийкар жаратты,” – деп атап өтеди авторлар.
Бул сөйлесиўдиң екинши саммити 2025-жыл май айында Самарқандта өткерилиўи режелестирилмекте. Саммитти өткериў ушын Самарқандтың таңланғаны “қаланың цивилизациялар кесилиспеси сыпатындағы тарийхый әҳмийетин көрсетеди ҳәм регионлар арасындағы дәстүрий байланыслардың қайта тиклениўин аңлатады”.
Мақалада атап өтилиўинше, Орайлық Азия ҳәм АҚМБК мәмлекетлериниң экономикалық имканиятлары, сиясий сөйлесиўдиң тереңлесиўи, мәдений-тарийхый байланысларға болған өз-ара қызығыўшылық ҳәм қолайлы геостратегиялық жайласыў менен сәйкес болып, бул бирге ислесиў форматының стратегиялық әҳмийетин және де арттырмақта.
Авторлардың атап өтиўинше, соңғы жылларда АҚМБК мәмлекетлериниң Орайлық Азияға киргизип атырған инвестицияларының улыўма көлеми турақлы өсим пәтин көрсетип, 2022-жылдан баслап дерлик үш есеге артқан.
Экспертлердиң сөзлерине қарағанда, туризм тараўында айтарлықтай жетискенликлерге ерисилди: Орайлық Азия АҚМБК мәмлекетлери туристлери ушын тартымлы мәканға айланбақта. Мәселен, 2023-жылы Өзбекстанға АҚМБК регионынан 8,3 мыңнан аслам турист келген болса, 2024-жылы 12 мың турист келген (2023-жылға салыстырғанда 44,5 процентке өсим). Ең үлкен өсим Саудия Арабстаны (71 процент) ҳәм БАӘ (51 процент)ден бақланды.
Авторлар көп тәреплеме келисимлер арқалы саўданы кеңейтиў, транспорт жойбарларын (соның ишинде, Трансаўған коридорын) әмелге асырыў, инфраструктура ҳәм жоқары технологияларға инвестицияларды тартыў, агросанаат комплексин раўажландырыў, сондай-ақ, санлы трансформация сыяқлы бирге ислесиўдиң потенциалы еле толық ашылмаған перспективалы бағдарларына да айрықша итибар қаратады.
Жетекши таллаў орайлары басшыларының пикирине қарағанда, илимий-интеллектуаллық бирге ислесиўди беккемлеў және бир әҳмйиетли бағдар болып есапланады. Авторлардың атап өтиўинше, еки регионның илимий-изертлеў институтлары ҳәм таллаў орайлары өз-ара қатнасықларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўде айрықша әҳмийетке ийе болыўы керек.
Усы мүнәсибет пенен жақында Ташкентте (Өзбекстан) “Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў: тарийхый байланыслардан кең көлемли бирге ислесиўге қарай” атамасында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚМБК таллаў орайларының биринши форумын өткериў режелестирилмекте. Онда еки регионның жетекши “ақыл орайлары” қатнасыў тилегин билдирген.
Биринши регионлараралық форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Саудияның жетекши изертлеў орайы “Gulf Research Center” тәрепинен шөлкемлестирилмекте.
“Улыўма алғанда, Орайлық Азия ҳәм АҚМБК мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў реал стратегиялық перспективаларды ашады. Бирлестириўши фактор сыпатында тек ғана мәдений-тарийхый жақынлық емес, ал экономикалардың бирин-бири толықтыратуғын өзгешелигин де атап өтиўимиз мүмкин,” – деп жуўмақ жасайды Элдор Арипов ҳәм Абдулазиз Сагер.
ӨзА
