Өзбекстан СИМ басшысы “Орайлық Азия – Қытай” ушырасыўына қатнасты

242

Қазақстанның Алмата қаласында “Орайлық Азия – Қытай” форматы шеңберинде Сыртқы ислер министрлериниң VI ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысы да қатнасқан илажда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, саўда ҳәм өз-ара байланыслылықты кеңейтиў, улыўмалық шақырықларға биргеликте шешим табыў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз СИМ баспасөз хызметине хабар бериўинше, тәреплер регионаллық қәўипсизлик, экономикалық интеграция, инфраструктуралық жойбарлар, транспорт-коммуникация тармақлары, экология ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў зәрүрлигин бир аўыздан тастыйықлаған.

Соның ишинде, Бахтиёр Саидов Өзбекстан барлық қоңсылас мәмлекетлер ҳәм Қытай менен ҳәр тәреплеме шерикликти буннан былай да тереңлестириў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм регионда турақлы раўажланыўды хошаметлеўге садық қалатуғынын атап өтти.

– Ушырасыўда алға қойылған басламалар ҳәмме ушын улыўма абаданлық жолында хызмет ететуғынына беккем исенемиз, – деп жазған мәмлекетимиз ўәкили социаллық тармақтағы бетинде.

М.Пирматова, ӨзА