Дүнья хабарлары қысқа қатарларда

БМШ ҚК жыйналмақта
БМШ Қәўипсизлик Кеңеси 29-апрель күни Украина кризиси бойынша мәжилис өткереди, деп хабар берди Россияның шөлкемдеги турақлы ўәкилханасы.

Ушырасыў сийшемби күни Нью-Йорк ўақты менен саат 16:00 де болып өтеди.
РФ миссиясы атап өткениндей, илаж Батыс мәмлекетлериниң өтиниши бойынша шөлкемлестирилмекте.
Биткоин 95 000 доллардан асты

Биткоинның баҳасы жума күни 2,5 процентке көтерилип, февраль айының ақырынан берли биринши мәрте 95 000 доллардан асты. Саўда көлеми ең ири криптовалюта биржасы – «Binance»да бул баҳа 95 146,38 долларды қурады.
20 дан аслам биржа бойынша орташа баҳаны таллайтуғын «CoinMarketCap» мағлыўматы сондай.
Трамп: екинши мүддеттиң дәслепки 100 күни жүдә табыслы өтти
АҚШ Президенти Дональд Трамп Ақ үйдеги екинши мүддетиниң дәслепки 100 күни оғада табыслы өтти, деп есаплайтуғынын атап өтти.

– Адамлар бул ең жақсы биринши ай, ең жақсы екинши ай ҳәм ҳақыйқатында да ең жақсы үшинши ай болғанын жазды, – деди ол «Time» журналына берген интервьюде. – Дурыс, бирден анық жуўмақ шығарыўға болмайды, себеби өтиў дәўири бираз ўақыт талап етеди.
Шойгу: қуралланыў жарысы жаңа басқышқа кирди

Дүнья қуралланыў жарысының жаңа технологиялық басқышына жақынласты, деди Россия Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Сергей Шойгу.
– Қурал жарысы – көринип турғанындай, бул ҳеш қашан тоқтаған емес, тек сапасы өзгерген, – деди ол РФ ҚК илимий-экспертлик кеңесиниң мәжилисинде. – Дәслеп әпиўайы, кейин ядро қуралы пайда болды. Соңынан усы қурал-жарақты жеткерип бериў ушын тасыўшы қурылмаға мүтәжлик пайда болды. Нәтийжеде стратегиялық ракета күшлери жаратылды, теңиз арқалы жеткерип беретуғын қураллар пайда болды ҳәм тағы басқа. Ҳәзир гезектеги басқыш – жаңа қурал түрлери ислеп шығарылмақта.
Нобель сыйлығының лауреатлары
Путин ҳәм Трампты қуралсызланыўға шақырмақта

Тынышлық бойынша Нобель сыйлығын алған үш шөлкем Россия ҳәм АҚШ Президентлери Владимир Путин ҳәм Дональд Трампқа хат жоллап, ядролық қуралсызланыў бойынша илажларды келисиў ушын ушырасыў өткериўге шақырды, делинеди Ядро қуралларын бийкарлаў бойынша халықаралық кампания (ICAN) баспасөз хабарында.
– Бүгин дүнья ең қәўипли ядролық қәўип-қәтерге дус келмекте, – делинген хатта. – Қурал резервин кеңейтиў бизди қәўиптен қорғамайды, тек апатшылық қәўпин арттырады.
Хатқа «Nihon Hidankyo» ICAN ҳәм Ядро урысының алдын алыў бойынша халықаралық шыпакерлер тәрепинен қол қойылған. Бирге ислесиўшилердиң пикиринше, жер жүзиндеги ядро қуралларының 90 процентине ийе АҚШ ҳәм Россия глобал арсеналды қысқартыўда шешиўши роль атқарыўы мүмкин.
Орбан: Венгрия ЕАдан шығыў нийетинде емес

Венгрия Бас министри Виктор Орбанның айтыўынша, мәмлекет Европа Аўқамынан шығыў нийетинде емес, ал оны өзгертиўге ҳәрекет етеди.
– Венгрия ҳәм Польша бир ўақытлары «Европа ўатанпәрўарлары» партиясы менен биргеликте ЕАға қосылған еди, – деп жазған Орбан социаллық тармақтағы бетинде. – Енди биз қайта тиклеў ушын бул структураны өзгертиў нийетиндемиз. Сол дәўирде Брюссель бюрократлары өзлерине емес, халыққа хызмет еткен, ағза мәмлекетлердиң ишки сиясий сөйлесиўлерине араласпаған.
ЕА Украинаға сырт ел күшлерин орналастырыў талабын қоймақта

Украинаны тәртипке салыў бойынша қарсы усыныста Европа Аўқамы мәмлекет аймағына сырт ел күшлерин орналастырыў, қурал-жарақ пенен тәмийинлеў ҳәм әмелиятты жолға қойыўда ҳеш қандай шеклеў болмаўын талап етпекте, деп жазды «Reuters» қолға киргизилген ҳүжжетке сүйенип.
Тайланд полициясының самолёты теңизге қулады

Тайланд миллий полициясы ҳаўа бөлимине қараслы жеңил самолёт Бангкоктан 160 километр қублада жайласқан Ча-Ам курорт қалашасы жақынында теңизге қулады, деп хабар берди «Thai PBS» телеканалы.
Қутқарыўшылардың сөзлерине қарағанда, ўақыя орнында 5 адам қайтыс болған, бир адам аўыр жарақатланған.
Самолёт оператив мақсетте – хызметкерлер, жүк, парашютшилер, соның ишинде, полиция парашют мектеби тыңлаўшыларын тасыўда пайдаланылған.
С.Раҳимов, ӨзА