ЕА Өзбекстанда мәмлекетлик хызметлерди жетилистириўге 5 миллион евро ажыратты

Өзбекстанда Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди және де жетилистириўге қаратылған жойбар иске қосылды. Бул ҳаққында ЕАның мәмлекетимиздеги делегациясының баспасөз хызмети хабар берди.
Улыўма баҳасы 4,9 миллион евролық жойбарда БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Әдиллик министрлиги тийкарғы бирге ислесиўши есапланады.
Мәмлекетте, әсиресе, аўыллық жерлерде ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўын әпиўайыластырыў, санластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жойбар 2019-2024-жылларда әмелге асырылған «Аўыллық жерлерде мәмлекетлик хызметлерди жақсылаў ҳәм басқарыў системасын жетилистириў» жойбарының табыслы нәтийжелерине тийкарланады.
«Бул баслама мәмлекетлик хызметлерди инсан мәплери орайына қойған ҳалда түп-тийкарынан өзгертиледи. Мәмлекетлик институтларды нәтийжели ҳәм инклюзив етип қәлиплестириў арқалы биз, бәринен бурын, шетки аймақларда жасайтуғын халықтың турмыс сапасын жақсылаймыз», – дейди БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии ханым.
Әдиллик министри Акбар Тошқуловтың атап өтиўинше, «Бул баслама Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Оның мақсети – пуқараларға жедел, ашық-айдын ҳәм арзан хызметлер көрсетиўди тәмийинлеў болып есапланады. Тийкарғы принцип – ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаў».
«Жақында Самарқандта болып өткен Европа Аўқамы – Орайлық Азия биринши саммитиниң жуўмақларына бола, биз усы жаңа баслама улыўма үстинликлеримиз – санластырыўды раўажландырыў, басқарыў системасын беккемлеў ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң және де қолайлырақ, және де нәтийжели ҳәм ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының мүтәжликлерине жуўап бериўин тәмийинлеўине исенемиз», – дейди ЕАның Өзбекстандағы делегациясы биринши мәсләҳәтшиси ҳәм бирге ислесиў бөлими баслығы Вим Риепма.
Жойбар мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасының бэк-офисин шөлкемлестириўши институционал, ҳуқықый ҳәм нормативлик тийкарларын жетилистириў, мәмлекетлик хызметлерди көрестиўде бэк-офислердиң потенциалын арттырып, олардың миллий, регионаллық ҳәм жергиликли дәрежеде нәтийжели жумысын тәмиийнлеў, бэк-офислердиң санлы ҳәм пайдаланыўшыға бағдарланған трансформациясын әмелге асырыў ҳәм аймақлық ҳәм жергиликли бэк-офислериниң жеделлиги, есап-санақлығы ҳәм нәтийжели ислесиўин тәмийинлеў ушын жергиликли басқарыў системасын өзгертиў сыяқлы төрт стратегиялық бағдарды қамтып алады.
Шөлкемлестириўшилерге бола, 2029-жылдың жуўмағында жойбар шеңберинде 11 бэк-офис мәкемесин функционал таллаў өткериледи, 1000 мәмлекетлик хызметкер инклюзив ҳәм пайдаланыўшыларға бағдарланған хызметлер көрсетиў бойынша оқытылады, кеминде 35 мәмлекет хызмети санлы трансформацияланады, мәмлекет бойлап 34 жаңа мәмлекет хызметлери мүйешлери шөлкемлестриледи.
Усы кең көлемли бағдарлама пуқаралардың мәмлекетлик хызметлеринен нәтийжели, ашық-айдын ҳәм инклюзив пайдаланыў хызметлерин арттырыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентилиги