Хорезмде дүнья бақсыларының беллесиўи басланды

Хийўа қаласында IV Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалының ашылыў мәресими болып өтти.
Халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң ең әййемги түрлеринен болған бақсышылық көркем өнери жоқары гуманизм идеяларын, тынышлық ҳәм дослық, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди шеберлик пенен жырлайды. Соның ушын да, бақсы, ақын ҳәм жыраўлар әзелден халық кеўлиниң жыршылары, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықларды бирлестиретуғын уллы инсанлар сыпатында ардақлап келинеди.
Мәмлекетимизде басқа көркем өнер түрлери сыяқлы бақсышылық көркем өнерине де айрықша итибар қаратылмақта.
Оны Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилип атырған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы мысалында да көриў мүмкин. Фестивальға қамтып алыў жылдан-жылға кеңейип бармақта.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң IV Халықаралық бақсышылық фестивалы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Одил Абдураҳмонов оқып еситтирди.
Быйыл 26-28-апрель күнлери өтетуғын фестивальда дүньяның 40 тан аслам мәмлекетлеринен белгили бақсылар қатнаспақта.
Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм бақсы, ақын, жыраўлардың концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Аҳмаджан Шокиров, Беҳзод Саидов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары