Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы визасыз режим бийкар етилди ме?

301

Социаллық тармақларда Өзбекстан пуқараларының Бирлескен Араб Әмирликлерине кириўи қадаған етилгени  ҳаққында тарқалып атырған хабарлар тийкарсыз ҳәм фейк болып есапланады, деп жазбақта Сыртқы ислер министри баспасөз хаткери Аҳрор Бурҳонов, деп хабар береди xs.uz.

Оның атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы визасыз тәртип өз күшинде қалмақта. Рәсмий дәреклер бундай илажлар енгизилгени ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат бермеген.

«Тек рәсмий ҳәм тастыйықланған дәреклерге  исениўиңизди сорап қаламыз», дейди баспасөз хаткери.

Соңғы ўақытларда Дубай қаласында Өзбекстан пуқаралары тәрепинен  жүз берилип атырған нызамбузылыўшылықлар жағдайлары көбейип атырғаны еки мәмлекет арасындағы визасыз тәртипке тәсир көрсетиўи мүмкин екенлиги  ҳаққында хабарлар  өширилди.

Атап айтқанда, буннан бир неше күн алдын социаллық тармақларда бир топар өзбекстанлылар Дубай қаласы көшелеринде жәнжеллескени ҳәм ис пышақласыўға шекем барып жеткени, усы жағдай бойынша 15 Өзбекстан пуқарасы қолға алынғаны мәлим етилди.

Ўақыялар фонында  Өзбекстан СИМ усы жағдайлар бойынша тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте жумыс алып барылып атырғаны ҳаққында рәсмий  мүнәсибет пенен шықты.

Билдирилиўинше, жүзеге шығып атырған жағдайлар бойынша Өзбекстан дипломатлары ҳәм Дубай жынаят излеў басқармасы басшылығы арасында ушырасыў болып өткен.

Ушырасыў БАӘ тәрепи жоқарыдағы пышақласыў бойынша тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырғанын ҳәм усы сыяқлы жағдайлар көбейип атырғаны еки мәмлекет арасындағы визасыз тәртипке тәсир көрсетиўи мүмкин екенлигин атап өткен.

Сонлықтан, СИМ баспасөз хаткери өз Telegram каналында Өзбекстан пуқараларын сырт елдеги   ўатанласларымыздың атына дақ түсиретуғын ҳәрекетлерден  тыйылыўына шақырып, мүрәжат жоллады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги