Билимлендириўдиң сапасын арттырыў үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў мәселелери додаланды

259

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети тәрепинен “Билимлендириў тараўын раўажландырыў, оның сапасын арттырыў үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли” атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Оған Комитет ағзалары ҳәм экспертлер, Аймақлық ўәкилликли уйымлардың жумысын үйрениў орайының хызметкерлери, жергиликли Кеңеслердиң илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары, секретариат баслықлары, аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы бөлимлериниң басшылары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде кейинги жыллары халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты социаллық қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша ўәкилликлери кеңейтилип, халық ҳәкимияшылығын толық әмелге асырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң ўәкиллик ҳәм функцияларына ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң тийисли аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша есабатларын халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслеринде ҳәр шеректе тыңлап барыў киргизилген.

Семинарда усы есабатларды тыңлаўда социаллық-экономикалық раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелеринен бири билимлендириўдиң сапасын арттырыў үстинен депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўда жергиликли Кеңес депутатлары қайсы тәреплерге итибар қаратыўы бойынша анық усыныслар берилди.

Атап айтқанда, жергиликли Кеңеслердиң илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша турақлы комиссиялары тәрепинен аймақтағы билимлендириў мәкемелеринде жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди шешиўге, соның ишинде, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, педагог хызметкерлердиң маманлығын арттырыўға және олардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге қаратылған илажлар ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, семинарда жергиликли Кеңес депутатларына Сенатқа келип түскен илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўына байланыслы нызамларды додалаў ҳәм тийисли усыныслар таярлаў бойынша сенаторлар тәрепинен пикир-усыныслар берилди.

ӨзА