IV Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы қатнасыўшыларына

2057

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары, ҳүрметли мийманлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди ашық аспан астындағы бийтәкирар музей қала – әййемги Хийўада өткерилип атырған IV Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалының ашылыўы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бүгинги көркем өнер байрамында қатнасып атырған абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм туўысқан мәмлекетлердиң ўәкиллерине, дүньяның қырқтан аслам мәмлекетинен келген халық дөретиўшилиги шеберлери, белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерине шын жүректен миннетдаршылығымды, жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Сақаўатлы Өзбекстан жерине, әййемги Хорезм диярына хош келдиңиз!

Қәдирли дослар!

Халықаралық дәрежеде абырайы барған сайын артып атырған бул әнжуман быйыл ески Шығыс гәўҳары – бийтәкирар Хорезм диярында өткерилип атырғаны оған айрықша руўх ҳәм мазмун бағышламақта. Бул үлкениң дәстаншылық мектеби оғада ески ҳәм бай тарийхқа ийе болып, “Ләзги” сыяқлы дүньяға белгили классикалық нама-қосықлар, йошлы аяқ ойынлары мине, усы уллы дәрьядан азықланып келмекте, десек, дурыс болады.

Усы теберик жерден жетисип шыққан Өзбекстан халық бақсылары “Бала бақсы” – Қурбонназар Абдуллаев, “Қаландар бақсы” – Рўзимбай Норматов, Абдулла Қурбонназаров, Жетмишбай Абдуллаев сыяқлы хош ҳаўаз ҳәм жарқын талант ийелери тәрепинен жоқары шеклерде жырланған ” Ғариб ашық ҳәм Шаҳсәнем,” “Гөруғлы,” “Әўезхан,” “Алпамыс” ҳәм “Қирмандали” сыяқлы халық дәстанлары миллий мәдениятымыздың мәңгилик дүрданалары сыпатында мәнаўиятымыз ғәзийнесинен беккем орын алғанын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз ҳәм бақсышылық көркем өнериниң бүгинги даўамшыларына дөретиўшилик жетискенлик ҳәм раўажланыў тилеймиз.

Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Фестиваль күнлеринде сизлер көркем өнерди шын кеўилден сүйетуғын миймандос, кеңпейил халқымыз бенен қызғын сөйлесиўлер өткерип, елимиздиң бай тарийхы, мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятлары, теберик орынлары, Жаңа Өзбекстанның бүгинги раўажланыў жетискенликлери, соның ишинде, бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысып, жарқын тәсирлерге ийе боласыз, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, таңлаў қатнасыўшыларына ҳәм фестиваль шеңберинде өткерилетуғын халықаралық илимий-әмелий конференция жумысына табыслар тилеймен.

Ең жақсы ҳәм халықшыл сезимлерди жырлаўда сизлерге беккем денсаўлық, күш-ғайрат ҳәм илҳам бәрқулла яр болсын!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти